Алиев халықаралық турнир жеңимпазы
16

12-14-декабрь күнлери Қазақстан Республикасыныӊ пайтахты Астана қаласында «KAZAKHSTAN INTERNATIONAL JIU-JUTSU CHAMPIONSHIP» спорт жарысы болып өтти.
Жарысқа 10 мәмлекеттен 1572 спортшы қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Кескин өткен беллесиўлер соңында Өзбекстан Республикасының сайланды командасы қурамында қатнасқан республикамыз жаслары бир неше сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды. Атап айтқанда, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ денетәрбия факультетиниӊ 1-курс студенти Алдас Алиев 77 кг салмақта барлық қарсыласларын жеңип алтын медальды жеңип алған болса, және бир жерлесимиз 69 кг салмақта жарысқа түскен Тимур Рустемовқа гүмис медаль несип етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги