Президент аўыл хожалығы тараўы хызметкерлериниң пикир-усынысларын тыңлады

Президент Шавкат Мирзиёев Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сәўбет өткерди. Президентимиз олардың қосымша усыныслары менен пикирлерин тыңлады.
– Өзиниң машақатлы мийнети менен ырысқы-несийбе жаратып атырған инсанлар менен сәўбетлесиў, олардың пикир-усынысларын тыңлаў маған бәрқулла айрықша заўық бағышлайды.
“Жерди жақсы көрген – Ўатанды жақсы көреди”, деп бийкарға айтылмаған. Өз өмирин, мийнетин сақаўатлы жеримиз бенен байланыстырған сиздей пидайылар – ҳақыйқый ўатансүйгиш болып есапланады.
Пурсаттан пайдаланып, Ўатанымыздың раўажланыўы жолындағы ҳадал мийнетиңиз, ерискен жоқары нәтийжелериңиз ушын пүткил халқымыз атынан және бир мәрте терең миннетдаршылық билдиремен, – деди мәмлекетимиз басшысы ушырасыў жуўмағында.
ӨзА