Өзбекстандағы стратегиялық басқарыў, мониторинг ҳәм баҳалаў системаларыныӊ реформалары жоқары баҳаланды

14

Өзбекстан Республикасыныӊ Олий Мажлиси Сенатына Латвия Республикасы Жоқары аудит уйымының басшысы Эдгарс Кочагинс келди.

Сенат баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда мәмлекетлик аудит тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиў, заманагөй аудит көзқарасларын енгизиў ҳәм мәлимлемеге тийкарланған басқарыў әмелиятын раўажландырыў мәселелери додаланды.

Өзбекстан Есап палатасы ҳәм Латвия Жоқары аудит уйымы арасында қол қойылған бирге ислесиў келисиминиң әмелий нәтийже берип атырғаны, соның ишинде, биргеликтеги оқыў илажлары ҳәм тәжирийбе алмасыў жеделлескени атап өтилди.

Латвияда мәмлекетлик аудит хызмети ҳәм Өзбекстан Есап палатасы парламент пенен тығыз бирге ислесиўде ислейтуғыны, турақлы есабатлар усынатуғыны ҳәм тийисли комитетлердиң мәжилислеринде қатнасатуғыны атап өтилди.

Э.Кочагинс Латвияда тийкарғы итибар нәтийжелилик ҳәм муўапықлық аудитлерине қаратылғаны ҳәм турақлы басқарыў системасы себепли финанслық аудитлерге зәрүрлик азайғанын айтып өтти. Мәмлекетлик аудит усынысларынан бюджет процесинде пайдаланыў әмелияты, ҳәр жылы бюджет дәраматларын арттырыў ямаса қәрежетлерди қысқартыўға хызмет ететуғын усыныслар бойынша арнаўлы мағлыўмат таярланыўы ҳәм оның ҳүкимет ҳәм парламент тәрепинен қарарлар қабыл етиўде қолланылыўы атап өтилди.

Латвия тәрепи Өзбекстанда стратегиялық басқарыў, мониторинг ҳәм баҳалаў системаларын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады. Data-based governance принциплерине өтиў мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыўда әҳмийетли қәдем екени атап өтилди.

Мәмлекетлик бағдарламалардың нәтийжелерин таллаў ҳәм мәлимлеме системаларын интеграциялаў мәселелери бойынша бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Нәтийжелилик аудити, қәўип-қәтерлерди баҳалаў ҳәм ишки аудиторлар менен бирге ислесиў әмелияты бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыўға келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА