Исбилерменлердиң турақлылық рейтинги көтерилиўине мүмкиншилик артты

11

Енди, нызамларға әмел етип жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлериниң, жәми 147 баллдан (тийкарғы нормалар 100 балл, қосымша 47 балл) 96 баллды қолға киргизип, ААА рейтинг көрсеткишине ийе болыў имканияты артты.

Жаңа критериялар бойынша, пайда салығы көрсеткишлери жоқары болса 10 балл, санлы маркировкалаўға әмел етилгенде 5 балл, аўыл хожалығында «e-Fito.uz» системасына мағлыўмат киргизилген болса 10 балл, экологиялық маркировкалаў сертификаты ушын 2 балл, 0,1 МВт+ қайта тиклениўши энергия орнатылғанда 5 баллға баҳаланады. (МКҚ-662-санлы 21.10.2025-жыл (https://lex.uz/uz/docs/-7782935)

Мағлыўмат ушын, рейтинг мағлыўматларын реал ўақыт режиминде Салық мобиль қосымшасы ҳәм салық төлеўшиниң жеке кабинетинде көриў имканияты жаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги