Салық есабаты формаларына өзгерислер киргизилди

Әдиллик министрлиги Салық есабаты формаларына өзгерислерди мәмлекетлик дизимнен өткерди.
Бул ҳүжжетте айырым нызамшылық ҳүжжетлериниң қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен салық есабаты формаларын толтырыўға байланыслы бир қатар жаңалықлар белгиленди.
Жыллық айланысы 1 млрд сумға шекемги ЖТИлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы 1 процент етип белгиленгени себепли, бул бойынша есабаттың әпиўайыластырылған формасы енгизилмекте.
Исбилерменлер тәрепинен улыўма қуўатлылығы 100 кВтқа шекемги қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланған ҳалда улыўма тармаққа электр энергиясын реализациялаўдан алынған пайда ушын ноль салық ставкасы қолланылатуғыны себепли, салық есабатларында бул мәселе киргизилмекте.
Халық депутатлары кеңеслери ижара төлеминиң ең кем ставкаларына районлар ҳәм қалалар кесиминде олардың экономикалық раўажланыў дәрежесине қарап 2,0 ге шекемги арттырыўшы коеффициентти енгизиўге ҳақылы екенлигинен келип шығып, физикалық тәреплер тәрепинен мүлк ижарасы ушын ставканы толтырыў бийкар етилмекте.
Бул ҳүжжет 2026-жыл 1-январьдан күшке киреди, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги