Өзбекстан Президенти АРБ менен стратегиялық шерикликти буннан былай да кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти

29

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-ноябрь күни Азия раўажланыў банкиниң президенти Масато Кандо басшылығындағы делегацияны қабыллады.   

Сөйлесиў алдынан Азия банки басшысы мәмлекетимиз жетекшисин стратегиялық шерикликтиң 30 жыллығы ҳәм 2025-2026-жылларда банктиң Басқарыўшылар кеңесине басшылық етиў Өзбекстанға өткени менен қутлықлады.

Мәмлекетимизде социаллық-экономикалық реформалар бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өзбекстан банктиң региондағы ең ири шериги болып қалмақта – биргеликтеги жойбарлар портфели 15 миллиард доллардан артты. Сондай-ақ, “жасыл” энергетика, транспорт, санлы трансформация, билимлендириў ҳәм басқа да бағдарларда улыўма баҳасы 3 миллиард доллардан аслам жойбарлар ислеп шығылмақта. Суверен емес қаржыландырыў механизмлери жедел енгизилмекте.

АРБ Басқарыўшылар кеңесиниң 2026-жыл май айында Самарқанд қаласында болып өтетуғын жыллық мәжилисине таярлық көриўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан Президенти болажақ илаж шеңберинде АРБ менен Кеңейтилген стратегиялық шериклик бағдарламасына қол қойыў, онда инфраструктураны раўажландырыў, техникалық ҳәм инженерлик кадрларды таярлаў, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды жаңа кәсиплерге оқытыў, кәмбағаллықты қысқартыў, ипотека базары ҳәм жеке меншик секторды раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратыў басламасын алға қойды.

Банктиң ири миллий ҳәм регионаллық басламаларды қоллап-қуўатлаўда, сондай-ақ, Орайлық Азия регионында транспорт, энергетика ҳәм саўда жойбарларын алға қойыўда белсене қатнасыўы әҳмийетли екени атап өтилди.

АРБ президенти Масато Кандо мәмлекетимиздеги кең көлемли жаңаланыўлардың нәтийжелерин жоқары баҳалады ҳәм Жаңа Өзбекстанда артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалар бағдарламасын әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

ӨзА