Гүлистан  гүмис медаль ийеси

85

Саудия Арабстанының пайтахты Ар-Риёд қаласында VI Ислам тилеклеслиги ойынлары  кеше Өзбекстан сайланды командасы ағзалары ушын оғада табыслы келди.

Атап айтқанда, мәмлекетимиз спортшылары кешеги өткерилген жарыслар жуўмағында, 5 алтын, 5 гүмис ҳәм 3 қола медальды қолға киргизиўге миясар болды.

Республикамыз спорт жанкүйерлери ушын соны айрықша айтып өтиўимиз керек, солар арасында елимизге белгили жас сабляшы Гүлистан Пердебаева өз тренерлериниң исенимин ақлап, жарыстың финалына шекем табыслы түрде жетип келди.

Ал, финал беллесиўлеринде болса, үмитли спортшымыз түркиялы тәжирийбели спортшыға 8:15 есабында жеңилип қалды ҳәм гүмис медаль ийесине айланды.

Ҳәзирги күнлери Ар-Риёдта жарыслар даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы