Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық хатын жоллады

28

Онда Қасым-Жомарт Тоқаев усы жылдың 14-16-ноябрь күнлери Өзбекстанға әмелге асырған мәмлекетлик сапары даўамында Қазақстан делегациясына көрсетилген жыллы миймандослық ушын өзиниң миннетдаршылығын билдирген.    

Хатта бул сапар етиўдиң тарийхый әҳмийети атап өтилип, ол Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлықты беккемлеўге күшли түртки бергени атап өтилген.

Қазақстан Президенти Ташкентте өткерилген Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының VII Мәсләҳәт ушырасыўының шөлкемлестирилиўин де жоқары баҳалаған. Оның сөзлерине бола, регионаллық бирге ислесиўдиң барлық бағдарлары бойынша мазмунлы додалаўлар, қабыл етилген әҳмийетли қарарлар ҳәм ҳүжжетлер, сондай-ақ, Әзербайжанның толық ҳуқықлы қатнасыўшы сыпатында қосылыўы форумға стратегиялық әҳмийетке ийе ўақыя статусын берген.

Бул ҳаққында Ақорда баспасөз хызмети хабар берди.

ӨзА