Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлериниң ушырасыўы болып өтти
40

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыў ушын елимизге келген Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен ушырасты.
Жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы, биринши гезекте, товар алмасыўды көбейтиў, санаат, транспорт, энергетика ҳәм инфраструктура тараўларындағы әҳмийетли кооперациялық жойбарларын әмелге асырыўды жеделлестириў илажлары көрип шығылды.

Жедел аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Президентлер регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.

ӨзА