Лавров РФ – АҚШ саммити бийкар етилгениниң себебин түсинбей атыр (ма?) (+видео)

Россия сыртқы ислер министри Сергей Лавров АҚШқа мүрәжат жоллап, Владимир Путин ҳәм Дональд Трамп арасындағы саммитке таярлықты қайта тиклеў усынысын билдирди. Бул ҳаққында лаўазымлы шахс РФ ғалаба хабар қураллары арқалы мәлим етти.
Октябрь айының ақырында Будапештте шөлкемлестирилиўи режелестирилген бул ушырасыў Кремль Украинаға қарсы әскерий ҳәрекетти тоқтатпағаны себепли әмелге аспаған. Урысты тамамлаўға исенимли бел байлаған Трамп Россия қойған талаптан түңилип, нәтийжесиз сөйлесиўден усы тәризде ўаз кешти. Усындай жағдайда Лавров күтилмеген пикир менен шықты:
– Москвада америкалы кәсиплеслер менен саммитке таярлық процесин қайта баслаў мәселесин додалаўға таярмыз!
Оның сөзлерине бола, “Егер АҚШ ўәкиллери де өз усынысын жаңаласа, ушырасыў ушын Будапешт қолайлы орын болып қала береди. Тилекке қарсы, тәжирийбели сиясатшы “усынысты жаңалаў” дегенде нени нәзерде тутқанына түсиник бермеген.
Бизге белгили, Лавров АҚШ мәмлекетлик хаткери Марко Рубио менен соңғы мәрте 20-октябрьде сөйлескен. Сол ўақытта дипломатлар телефон арқалы Будапешт саммитине таярлық темасын көтерген. Буннан кейин АҚШ мәмлекетлик хаткери Трампқа ушырасыўды бийкарлаў усынысын берген ҳәм буның изинен РФға қарсы кең көлемли санкция енгизилди.
Россия сыртқы сиясат уйымы басшысының пикиринше, “сол ўақытта саммит не ушын бийкарланғаны елеге шекем түсиниксиз”. Қызық, Лавровтың “түсинбеўи” дипломатиялық ойын ба ямаса садалық па?
Кенжа Бекжонов, Анвархўжа Аҳмедов, ӨзАның хабаршылары