Мәмлекетлик емес бақшаларда тәрбияланып атырған айырым категориядағы шаңарақлардың перзентлери ушын төлемлердиң бир бөлеги төлеп бериледи

49

Ҳуқықый қатнас

“Кәмбағал шаңарақлар реестри”не киргизилген шаңарақлардың перзентлерин қабыл еткен шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине усы балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминиң бир бөлегин Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў тәртиби ҳаққында”ғы реже Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Режеде көрсетилген имканиятлар ҳаққында Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Имомали Туев төмендегилерди мәлим етти:

– Бул реже шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәрбияланып атырған “Кәмбағал шаңарақлар реестри”не киргизилген шаңарақлардың перзентлери ушын ата-аналар төлеминиң бир бөлегин Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў тәртибин белгилейди.

Ата-аналар төлеминиң бир бөлеги Мәмлекетлик бюджеттен қаплап берилетуғын айырым категориядағы шаңарақлардың перзентлери дизими мәлимлеме системасы арқалы автомат түрде қәлиплестириледи.

Айырым категориядағы шаңарақлардың ата-аналар төлемин қаплаў ушын шаңарақлық МШБға компенсация тийисли аймақта 9 саатлық жумыс режиминдеги улыўма түрдеги мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ушын белгиленген ата-аналар төлеминиң 40 проценти муғдарында ажыратылады.

Компенсация шаңарақлық МШБға ҳақыйқатында да қатнап атырған айырым категориядағы шаңарақлардың перзентлери санынан келип шығып, бирақ Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен шаңарақлық МШБ арасында дүзилген келисимде белгиленген орынлардың 15 процентинен көп болмаған бөлегине ажыратылады.

Тийкар: “Кәмбағал шаңарақлар реестри”не киргизилген шаңарақлардың перзентлерин қабыл еткен шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине усы балалардың тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминиң бир бөлегин Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў тәртиби ҳаққында”ғы реже. (Реестр номери: 3693-сан, 23.10.2025-ж.)

Гулноза Бобоева,

ӨзА