Өзбекстан ЖСШға ағза болса… (+видео)

Бүгинги жәҳән экономикасы глобалласыў процесин басынан өткерип атырған бир дәўирде халықаралық экономикалық шөлкемлер менен бирге ислесиў белгили бир мәмлекеттиң раўажланыў пәтин белгилеп бериўши әҳмийетли факторға айланды.
Усы көзқарастан, Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине (ЖСШ) ағза болыў мәселеси соңғы жылларда күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселе сыпатында көринбекте.
Структураға ағзалық тек ғана халықаралық базарға кең жол ашып қоймастан, ал ишки базарда бәсеки орталығын күшейтип, миллий өндиристи нәтийжели шөлкемлестириў имканиятын да береди. Соның менен бирге, жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын жаңа бәсеки шараяты, сыртқы базар талабына бейимлесиў, стандарт системасын жетилистириў сыяқлы бир қатар шақырықларды да жүзеге келтиреди.
ӨзАның хабаршысы “Дүньяға нәзер плюс” подкаст жойбарында сиясаттаныўшы Шуҳрат Расулдиң усы темаға байланыслы пикири менен қызықты.
– Дүньяның тийкарғы экономикалық шөлкеми есапланған ЖСШ ағзалары өз-ара еркин саўда қатнасығын жолға қойыў имканиятына ийе. Алдын Өзбекстан 80-85 мәмлекет пенен экономикалық шерик еди. Бүгинги күнде бул көрсеткиш 200 ден артқан. Ағза болғаннан кейин болса бирге ислесиўшилер дизими және де кеңейеди. Нәтийжеде исбилерменлеримиз ушын жаңа базарлар пайда болады, экспорт имканиятымыз артады, республикаға инвестиция ағымы тезлеседи.
Ең әҳмийетлиси, бул процесстен халық та утады. Себеби, ҳәр биримиз, бәринен бурын, тутыныўшымыз. Бәсеки күшейсе, товар ҳәм хызмет сапасы жақсыланады, баҳа түседи. Бул болса ҳәр бир шаңарақтың дастурханында сапалы ҳәм қолайлы баҳадағы азық-аўқат ямаса турмыслық өнимниң көбейиўине тийкар жаратады.
Көрсетиўди толық ӨзАның “YouTube” каналынан көриўиңиз мүмкин.
Ў.Алимов, Д.Ҳакимов,
И.Исматов (видеомуҳандис), ӨзА