Өзбекстанда 15 мыңға шамалас китапхана жумыс алып бармақта

54

Өзбекстанда халықтың билим ҳәм ағартыўшылық мүтәжликлерин қанаатландырыўға хызмет ететуғын китапханалар саны жыл сайын артып бармақта.

Миллий статистика комитети 2025-жылдың басына шекем мәмлекет бойлап жумыс алып барып атырған китапханалар, олардың фонды ҳәм пайдаланыўшылары ҳаққындағы жаңаланған мағлыўматларды жәриялады.

Бул есабатқа бола, 2025-жыл 1-январь жағдайында мәмлекетте жәми 14 мың 999 китапхана жумыс ислемекте.

Китапханалардағы китап ҳәм журналлардың жәми 85 миллион нусқаны қураған. Пайдаланыўшылардың улыўма саны 12,8 миллион адамды қурап, олардың 31,6 процентин 14 жасқа шекемги балалар, 45,9 процентин 15-24 жастағы жаслар, 22,6 процентин 25 жас ҳәм оннан үлкен жастағы пуқаралар қурайды.

Аймақлар кесиминде китапханалар саны:

Қарақалпақстан Республикасы – 934,

Әндижан ўәлаяты – 1 065,

Бухара ўәлаяты – 764,

Жиззақ ўәлаяты – 868,

Қашқадәрья ўәлаяты – 1 476,

Наўайы ўәлаяты – 489;

Наманган ўәлаяты – 891;

Самарқанд ўәлаяты – 1 863,

Сурхандәрья ўәлаяты – 1 159;

Сырдәрья ўәлаяты – 526,

Ташкент ўәлаяты – 1 467,

Ферғана ўәлаяты – 2 108,

Хорезм ўәлаяты – 688,

Ташкент қаласы – 701.

Статистикаға билимлендириў мәкемелериниң китапханалары, жергиликли ҳәкимликлердиң мәлимлеме-ресурс орайлары және министрликлер ҳәм уйымлардың қарамағындағы мәлимлеме-китапхана орайлары да киргизилген.

Ҳамроз Баянов,

ӨзА