Педиатрия ҳәм емлеў бағдарларын өз ишине алған улыўма медицина факультет ашылады

49

Бүгинги ушырасыў дерлик бир әсирден берли шыпакер таярлап киятырған Ташкент мәмлекетлик медицина университетинде болып атырғаны бийкарға емес.

– Медицинаға жоқары технологиялық үскенелер алып кирип атырмыз, жаңа клиникалар қурып атырмыз. Оларда ким ислейди? Әлбетте, Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери болған ул-қызларымыз мийнет етеди.

Соның ушын, медициналық билимлендириўдеги реформаларымызды даўам еттирип, шаңарақтың барлық жастағы ағзаларына маман медициналық хызмет көрсете алатуғын шаңарақлық шыпакерлик институтын раўажландырыўымыз зәрүр, – деди Президент.

Келеси оқыў жылынан медицина жоқары оқыў орынларының бакалавриат басқышында педиатрия ҳәм емлеў бағдарларын өз ишине алған улыўма медицина факультети ашылатуғыны жәрияланды. Оларда шаңарақлық шыпакерлик қәнигелиги бойынша резидентура ҳәм магистратура да жолға қойылады.

Резидентурада билим алып атырған студентлер бийпул оқыў менен бирге шаңарақлық шыпакер сыпатында ислеп, айлық алады. Резидентура питкериўшиси шаңарақлық шыпакерлик бойынша тар тараў дипломы ҳәм 150 процентлик үстеме алады.

ӨзА