Басшыларды хошаметлеў системасы да өзгертиледи

53

Районлық ҳәм ўәлаятлық дәрежеде кеселликлердиң алдын алыў ҳәм нәтийжели емлеў бойынша жаңалықлар киргизген, наўқасларды аймақтың өзинде емлей алған, дәри бериўди тәртипке салған, емлеўханасына жақсы кадрларды жыйнап, оларды турақлы оқытып атырған, саламат орталық ҳәм сапалы сервисти жолға қойған, санластырыўды толық жуўмақлаған ең жақсы ўәлаятлық, районлық денсаўлықты сақлаў бөлимлери, шаңарақлық поликлиника баслықларына “Өзбекстанда хызмет көрсеткен медицина хызметкери” атағы, орден ҳәм медальлар, 30 миллион сумнан ақшалай сыйлық бериледи.

Олар басшылық етип атырған емлеўхана ҳәм поликлиниканың инфраструктурасын жақсылаўға 500 миллион сумнан ажыратылады.

Ҳәр бир ўәлаятта ең жақсы 2 районның денсаўлықты сақлаў бөлиминиң баслығы ҳәм шаңарақлық поликлиника баслығы АҚШ, Германия, Уллы Британия, Корея, Түркия сыяқлы медицинасы раўажланған мәмлекетлерге менеджерликке оқытыў ушын жибериледи.

 ӨзА