Туризм ҳәм аўқатланыў тараўы исбилерменлерине 59 миллиард сум ҚҚС қайтарылды
82

Салық комитетиниң хабар бериўинше, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм салық жүгин азайтыў мақсетинде бюджетке төленген қосымша қун салығының бир бөлеги төмендеги тараў исбилерменлерине қайтарылды.
Атап өтилиўинше, усы жылдың 4-ноябрь жағдайына бола 39 туроператорға – 1,9 миллиард сум, 162 мийманханаға – 9,1 миллиард сум, 632 улыўма аўқатланыў кәрханасына – 43,7 миллиард сум қайтарылған.
Сондай-ақ, 78 шарўашылық ҳәм қусшылық хожалықларына – 4,4 миллиард сум қосымша қун салығы қайтарылды.
Ш.Маматуропова,
ӨзА