Студентлер контракт төлеми ушын шәртнама алыўда нелерге итибар бериўи керек?

Ҳуқықый қатнас
Студентлер төлемли-контракт алыў мақсетинде kontrakt.edu.uz сайты арқалы онлайн арза берип атырғанда “Шәртнама түрин таңлаў” деген бәнтке дус келеди. Бул бөлимде студентлер еки ямаса үш тәреплеме шәртнаманы таңлаўы соралмақта.
Студентлер бул бойынша қайсы шәртнаманы таңлаўы керек болады?
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиника методисти Айгерим Арипбаева бул ҳаққында төмендегилерди мәлим етти.
-Сайтта жайластырылған еки тәреплеме шәртнама – бул жоқары билимлендириў мәкемеси (ЖОО) ҳәм студент арасында дүзилетуғын шәртнама болып есапланады.
Егер студент контракт төлемин өзиниң жеке қаржысынан әмелге асырса, бул түрдеги шәртнаманы таңлаў керек болады. Сондай-ақ, банктен тәлим кредити алмақшы болса ямаса ата-анасының айлық мийнет ҳақысынан төлем әмелге асырылса бул шәртнама таңланады.
Үш тәреплеме шәртнама болса бул ЖОО, студент ҳәм және қандай да бир қәўендер шөлкем арасында дүзиледи. Бул түрдеги шәртнама қәўендер шөлкем, соның ишинде, кәрхана ямаса фонд студенттиң контракт төлемин қаплап атырған болса, сондай-ақ, кейин ала сол шөлкемге ислеў шәрти болса үш тәреплеме шәртнама таңланады. Қәўендер шөлкемниң СТИН номерлери киргизилиўи талап етиледи.
Шәртнама түрин дурыс таңлаў, арза бериў процесин тезлестириў ҳәм келешектеги финанслық миннетлемелерди анық белгилеў ушын әҳмийетли.
Гулноза Бобоева, ӨзА