Наркологиялық жынаятларға қарсы гүресиў, киберқәўипсизлик ҳәм прокурорлық қадағалаў тараўларындағы жумыслардың нәтийжелилиги және де арттырылады

194

Президент Шавкат Мирзиёев 3-ноябрь күни миллет генофондын нәшебентликтен қорғаў, кибержынаятларға қарсы нәтийжели гүресиў ҳәм прокурор қадағалаўын санластырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.

Кейинги жылларда наркожынаятшылық пүткил инсаният ушын жаңа глобаллық қәўип-қәтерге айланып атырғаны атап өтилди. Таллаўларға бола, дүньяда 400 миллионнан аслам адам бул иллетке шатылған, оның ақыбетинде жылына 300 мыңға шамалас адам қайтыс болмақта.

Тилекке қарсы, бул иллет мәмлекетимизди де шетлеп өтип атырған жоқ. Жылдыӊ басынан берли 11 мыңнан аслам наркожынаят анықланып, 2,5 тоннаға шамалас нәшебентлик затлар услап қалынды. Бундай жынаятлардың түрлери жылдан-жылға көбейип, қамтып алыўы артып атырғаны наркожынаятшылық ҳәм нәшебентликке қарсы гүресиўди комплексли шөлкемлестириў кешиктирип болмайтуғын ўазыйпа екенин көрсетпекте.

Мәжилисте тараўдағы ҳәзирги унамсыз тенденциялар талланды.

Соның ишинде, кейинги ўақытлары пайдаланыўы аңсат, жасырыў ҳәм тарқатыў қолайлы дәри түриндеги психотроп ҳәм синтетикалық элементлер дәстүрий наркотиклердиң орнын ийелемекте, олардың тарқалыўы тийкарынан жаслар арасында жүз бермекте, синтетикалық наркотиклер жасырын нарколабораторияларда таярланып, интернет арқалы контактсыз түрде өткерилмекте, наркотиклердиң тарқатыў дереги болған шөлкемлескен жынаятшылық трансшегаралық өзгешеликке ийе.

– Сонлықтан, миллий нызамшылығымызға мине усындай қәўип-қәтерлердиң алдын алыў, оларға қарсы аяўсыз гүресиў, бундай иллетти тамыры менен жоқ етиўге қаратылған нормаларды киргизиў ўақты келди, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Жуўапкерлер наркотиклердиң нызамсыз айланысына шек қойыў бойынша реже ҳәм усынысларын таныстырды. Соның ишинде, халықтың саламатлығын ҳәм миллет генофондын усы қәўиптен нәтийжели қорғаў бойынша комплексли илажлар ҳәм механизмлер усыныс сыпатында киргизилди.

Онда оқыўшы ҳәм студентлер арасында наркотиклердиң тарқалыўына пүткиллей шек қойыў, жасларда бул иллетке маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириўге қаратылған тәсиршең әмелий ҳәрекетлерди әмелге асырыўды барлық жуўапкер уйымлар ҳәм шөлкемлердиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири сыпатында белгилеў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Биринши гезекте, жаслар арасында наркотиклердиң нызамсыз айланысына жынайый-ҳуқықый механизмлер арқалы қатаң шек қойыў ҳәм жасларға қарсы исленетуғын наркожынаятлар ушын жуўапкершиликти аўырластырыў, наркотиклерди интернет арқалы тарқатыў, шөлкемлескен топарлар ҳәм нарколабораториялар, оларға басшылық етип атырған лаўазымлы шахсларды анықлаў ҳәм шек қойыўға қаратылған кең көлемли оператив-излеў және тергеў жумысын жолға қойыў керек екенлиги көрсетип өтилди.

Сондай-ақ, жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында нәшебентликтиң диагностикасы, емлеў ҳәм медициналық-социаллық реабилитациялаў системасы түп-тийкарынан жетилистириледи.

Презентацияда 100 ден аслам оператив-профилактикалық, шөлкемлестириўшилик-тәрбиялық, үгит-нәсиятлаў илажларын нәзерде тутатуғын Нәшебентлик ҳәм наркожынаятшылықлардың ерте алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў бойынша 2025-2026-жылларға мөлшерленген комплексли әмелий ҳәрекетлер миллий бағдарламасының жойбары мәмлекет басшысы тәрепинен мақулланды және бул бағдарда үзликсиз ислесиў системасын енгизиў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Мәжилисте кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў мәселелери де додаланды.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде 31 миллионнан аслам халық интернеттен пайдаланбақта. Соның менен бирге, соңғы бес жылда елимизде кибержынаятлардың саны болса 68 есеге көбейген. Усы жылдың өзинде 46 мыңнан аслам кибержынаят анықланған. Олар арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген материаллық зыян 1,2 триллион сумнан артқан.

Пуқаралардың жеке мағлыўматлары, банк карталары ҳәм электрон қолтаңбалары бойынша әмелге асырылып атырған алдаўшылықлар саны кескин артып бармақта. Жынаятлардың үлкен бөлеги интернет арқалы әмелге асырылып, ең көп тарқалған усыллардан бири – банк карталары арқалы исленип атырған кибер алдаўшылық болып есапланады.

Жеке мағлыўматларды қорғаў бойынша анық механизм жоқ, айырым исбилерменлик субъектлери қарыйдарлардың мағлыўматларын ашық базаларда сақламақта. Мәмлекетлик хызметлер тараўында да биометрикалық идентификация ҳәм электрон санлы қолтаңбалардан пайдаланыўда киберқәўипсизлик бойынша жетерли кепилликлер тәмийинленбеген.

Сондай-ақ, банк системасында киберҳүжимлердиң алдын алыў, гүманлы пул операцияларын анықлаў ҳәм оператив илаж көриў механизмлери жетерли дәрежеде нәтийжели ислемей атырғаны көрсетип өтилди.

Сонлықтан, презентацияда тараўдың ҳуқықый, технологиялық ҳәм илимий-методикалық тийкарларын түпкиликли жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлер бул бағдарда ислеп шығылған шешимлерди баян етти.

Шахсқа байланыслы мағлыўматлар менен ислесиўде киберқәўипсизлик талабын, бундай мағлыўматларды шифрлап сақлаў тәртибин енгизиў, мағлыўматты қайта ислеўши шахслардың реестрин жүргизиў, тараўдағы ҳуқықбузарлықлар ушын жаза илажларын күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Банк тараўында онлайн-микроқарыз ажыратыўда алдаўшылар тәсирин шеклейтуғын заманагөй қорғаў системаларын енгизиў, алдаўшылық нәтийжесинде жәбирлениўшиниң атына алынған микроқарызды оннан өндирмеў, гүманлы банк есап бетлерин блоклаўды күни-түни режимде жолға қойыў механизмлери усыныс етилди.

Кибержынаятшылықтың жаңа түрлери – смарт қурылмаларға ҳүжимлер, криптоактивлерди нызамсыз ийелеў сыяқлы қәўиплердиң алдын алыў бойынша илимий изертлеўлерди жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, Ишки ислер министрлиги Киберқәўипсизлик орайының потенциалын арттырыў ҳәм кибержынаятларға қарсы гүресиў нәтийжелилигин күшейтиў, соның ишинде, оларды жедел ашыў бойынша 7 түрдеги жаңа экспертизаны жолға қойыў бойынша анық тапсырмалар берди.

Тараў ҳәм тармақларды санластырыўдан тийкарғы мақсет – бюрократия ҳәм коррупцияны азайтыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў.

Мәселен, мәмлекетлик сатып алыўларда таңлаў ҳәм тендерлер санластырылғаны себепли усы жылдың өзинде 7,5 триллион сум үнемленди. Бүгин халық ҳәм исбилерменлерге 1 мыңға шамалас мәмлекетлик хызметлер аралықтан турып көрсетилмекте.

Соның менен бирге, жыл басынан берли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен 7 мыңнан аслам нызамға қайшы ҳүжжетлер қабыл етилгени, сондай-ақ, қадағалаў уйымларының жумысында 12,5 мың исбилерменниң ҳуқықы бузылғаны көрсетип өтилди.

Усы мүнәсибет пенен нызамлардың орынланыўы үстинен аралық қадағалаў системасын жаратыў, мәмлекетлик уйымларда қабыл етилип атырған қарарлардың нызамлылығын тексериў процесслерин толық санластырыў зәрүр.

Презентацияда Бас прокуратура системасында санлы прокурорлық қадағалаўды енгизиў, тексериўлер ҳәм мониторинг процесин автоматластырыў бойынша усыныслар ҳаққында мәлимлеме берилди. Бул арқалы нызам бузылыўларын ерте анықлаў, жуўапкер шахслардың ҳәрекетлерин реал ўақыт режиминде бақлаў және прокурор қадағалаўын ашық-айдын ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў имканияты жаратылады.

Ҳәзирги ўақытта тергеўшилердиң жумысын баҳалаў бойынша бирден-бир системаның жоқ екенлиги, есабатлардың “қолда” жүргизилип атырғаны, жынаят ислериниң елеге шекем қағаз түринде сақланып атырғаны жумыс нәтийжелилигине унамсыз тәсир көрсетпекте. Есабат таярлаў процеси бир ҳәптеге шекем ўақыт алады.

Жыл басынан берли тергеў уйымлары тәрепинен 1300 қарарды қабыл етиўде процессуаллық тәртиплерге әмел етилмегени, кемшиликлер себепли 637 жынаят исиниң материаллары судлар тәрепинен тергеўге қайтарылғаны мәлим етилди.

Сол себепли, жынаят ҳаққында хабар келип түскеннен баслап, суд қарарының орынланыўына шекемги барлық процесслерди санластырыў, тергеў жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ўазыйпасы белгиленди. Бул система тергеў процесин тезлестиреди, инсан факторын азайтады ҳәм жуўапкершиликти арттырады.

Сондай-ақ, санлы технологиялар арқалы жүз берип атырған жынаятлардың алдын алыў ушын жасалма интеллект, киберҳуқық ҳәм санлы ҳуқық бағдарларында кадрлар таярлаўды баслаў ўазыйпасы қойылды. Бул арқалы тараўда заманагөй таллаў усылларынан пайдалана алатуғын, санлы қәўип-қәтерлерди алдыннан анықлайтуғын ҳәм оларға нәтийжели жуўап бере алатуғын профессионаллар қатламын қәлиплестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА