Қорғаныў министрлигиниң Call-орайы иске түсти

90

Қорғаныў министрлигиниң ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл етиў мақсетинде Call-орай (1530 қысқа номери) жумыс баслады.

Call-орайда мүрәжат етиў арқалы:

🔹 Пуқаралар мүддетли ҳәм мобилизациялық шақырыўлар менен байланыслы барлық сораўларға жуўап алады.

🔹 Социаллық қорғаў ҳәм денсаўлықты сақлаў, медицина тараўындағы мәселелер бойынша да анық мағлыўматларға ийе болыўы мүмкин.

🔹 Кадрлар мәселеси ҳәм қорғаныў тараўында көрсетилген хызметлер бойынша қабыл етилген мүрәжатларға жуўап алады.

Call-орай арқалы мүрәжат еткен шахслардың жеке мағлыўматлары, мүрәжат мазмуны ҳәм барлық мағлыўматлар сыр сақланады. Барлық мүрәжатлар нызамлы тәртипте көрип шығылады ҳәм коррупция ямаса басқа да унамсыз жағдайлар бойынша билдирилген хабарлар тийкарында тийисли илажлар көриледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги