Климат неге өзгермекте? Ямаса тәбият бизден өкпели ме?

Кейинги жылларда дүнья бойлап бақланып атырған жәзийрама ыссы, қурғақшылық, күшли самал ҳәм өртлер, бир сөз бенен айтқанда, климат өзгериўи инсаният турмысына қаншелли қатаң тәсир көрсетип атырғаны айқын көринбекте. Ҳәр жылы дизимге алынып атырған рекорд температура, океанның ысыўы, муздыӊ тез ериўи ҳәм суў ресурсларының азайыўы тек ғана экологиялық қәўипсизлик емес, ал глобал экономикалық турақлылық ҳәм инсан саламатлығы ушын да үлкен қәўип туўдырмақта.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, Жер температурасы соңғы жүз жылда орташа 1,2 дәреже көтерилген. Тилекке қарсы, усы киши сан планетамыздың ыссылық балансын кескин өзгертпекте.

Климат өзгериўиниң тийкарғы себеби сыпатында атмосферада пуў гази муғдарының артыўы көрсетиледи. Санаат революциясынан баслап жанар май өнимлериниӊ кең көлемде қолланылыўы, транспорт қуралларыныӊ көбейиўи, тоғайлардыӊ кесилиўи, санаат шығындысы көлеминиң артыўы нәтийжесинде карбонат ангидрид, метан сыяқлы газлер муғдары көбейген. Бул затлар Қуяш нурын атмосферада услап қалып, глобал жылыў процесин тезлетеди. Ақыбетинде – жазда дүньяның түрли аймақлары +50°С ға шекем ысыды, қала ҳаўасы жаманласты, экологиялық орталық истен шықты.
Жоқары температура тек ғана адамлардың денсаўлығы ҳәм күнделикли турмысына емес, ал аўыл хожалығына да күшли соққы бермекте. Ыссы толқын ҳәм қурғақшылық себепли атызда өнимдарлық азайып, суў ресурсларына талап кескин артпақта. Ҳәзирден-ақ миллионлаған халықты қыйнап атырған бул машқала 2050-жылға барып және де әҳмийетли түс алатуғыны болжанбақта.

Таў музының тез ериўи көплеген дәрьялардың келешектеги ағысына унамсыз тәсир етиўи анық. Орайлық Азия регионында бул процесс тиккелей халықтың турмысы, аўыл хожалығы ҳәм санаат жумысына тәсир етеди. Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья суўының азайып барыўы, Арал бойындағы экологиялық жағдайдың қыйынласыўы оғада унамсыз жағдайды тастыйықлайтуғын тийкарғы мысаллар болып есапланады.
Айрықша температура менен бирге тоғай өртлериниң көбейиўи де глобал экологиялық кризисти тереңлестирмекте. Канада, Греция, Түркия, Австралия, Бразилия сыяқлы мәмлекетлерде жүз миллионлаған гектар тоғай жанып кетти. Нәтийжеде тек ғана тәбиятқа тиккелей зыян жетип атырған жоқ, ал атмосфераға есапсыз углерод тарқалмақта. Тоғай аймағының қысқарыўы тәбийғый түрде карбонат ангидрид жутылыўын азайтады, климат ысыўы процесин және де тезлестиреди.

Экосистеманыӊ бузылыўы ҳайўан ҳәм өсимликлер турмысына да унамсыз тәсир етпекте – көплеген түрлер жоқ болып кетиў қәўпи астында қалған.
Бул процесс тийкарында қалалардың кеңейиўи, санаатласыў ҳәм режелестирилмеген урбанизация жатады. Бетон ҳәм асфальт қаплама жыллылықты жутып, қайта шығарады. Нәтийжеде мегаполис салыстырмалы түрде сезилерли дәрежеде ысыйды. Энергия тутыныўы артып, электр жетиспеўшилиги анық сезиледи, экологиялық басым күшейеди. Ҳаўа патасланыўы халықтың денсаўлығына үлкен қәўип туўдырады. Әсиресе, балалар, кекселер ҳәм созылмалы кеселлиги бар шахслар арасында дем алыў жолы, жүрек-қан тамыр системасы кеселликлери кескин көбеймекте.
Бүгинги күнде илим, технология ҳәм сиясат бул процессти төменлетиў ҳәм жағдайға бейимлесиў жолларын излемекте. Қайта тиклениўши энергия дереклерин енгизиў, шығындыны азайтыў, экологиялық нызамшылықты күшейтиў ҳәм халықтың хабардарлығын арттырыў климат өзгериўине қарсы гүресиўдиң ең әҳмийетли қураллары болып есапланады. Тәбийғый, бул илажларды глобаллық бирге ислесиўсиз әмелге асырып болмайды. Ҳәр бир мәмлекет, ҳәр бир кәрхана ҳәм ҳәр бир инсан тәбиятты сақлаў, келешек әўлад ушын экологиялық қәўипсиз орталық жаратыў ушын жуўапкер.
Ыссы жаз, күшли боран ямаса түтиннен қараўытқан аспан тек ғана тәбияттың ынжықлығы емес, ал инсаниятқа қаратылған анық ескертиў болып есапланады. Жер шары бизден кескин илаж көриўди, саналы жасаўды ҳәм тәбиятқа ҳүрмет пенен қараўды сорамақта. Климат өзгериўиниң оғада қәўипли ақыбети аянышлы жағдайды жүзеге келтириўи мүмкин.
Мәселениң мәнисине тереңирек нәзер тасланса, экономикалық мүтәжлиги ҳәм жасаў дәрежеси менен тәбият имканияты арасындағы сәйкес келмеўшилик айқын көзге тасланады. Әсирлер даўамында Жер биосферасы өзин-өзи тиклеў қәбилети менен өзгешеленген болса да, соңғы он жыллықларда технологиялық раўажланыў тезлиги ҳәм ресурслардан пайдаланыў көлеми тәбийғый тиклениў тезлигин артта қалдырды. Ҳәзир глобал өндирис, энергия тутыныўы ҳәм транспорт системасы кескин кеңейиўи нәтийжесинде атмосфераға көтерилип атырған шығынды Жердиң тәбийғый “айланба” имканиятынан бираз үстин. Бул болса ыссылық топланыўы, суў айланысы топарының бузылыўы, самал ҳәм жаўын-шашын балансының өзгериўине себеп болмақта.
Бүгинги күнде дүньяның көплеген аймақларында қыс жумсап, бәҳәр ҳәм гүз қысқарып, жаз болса узайып атырғаны бақланбақта. Бул процесс аўыл хожалығында мәўсимлик режени өзгертип, суўды бөлистириўди қыйынластырмақта. Суўғарылатуғын аймақларда суў тамтарыслығы күшейип, топырақ ығаллығы төменлемекте. Нәтийжеде жер деградациясы, шөллениў ҳәм өсимлик қатламының жоқ болыўы тезлескен. Атап айтқанда, Орайлық Азия мәмлекетлеринде соңғы жыллары топырақ өнимдарлығының төменлеўи, шөлистанлықтың кеңейиўи ҳәм шорланыўдың күшейиўи көзге тасланбақта. Бул процесс азық-аўқат қәўипсизлигине де үлкен қәўип туўдырады, себеби зүрәәт муғдары азайған сайын баҳа артады, халықтың талабын тәмийинлеў қыйынласады.
Климат өзгериўиниң және бир аўыр ақыбети экологиялық миграция болып есапланады. Суў ресурсының азайыўы, өнимдарлы жердиң азайыўы, жағалық аймақларын суў басыўы ҳәм тоғай өртлери адамларды жасаў орнын өзгертиўге мәжбүр етпекте. Айырым халықаралық изертлеўлер 2050-жылға барып дүнья бойлап 200-250 миллионнан аслам адам климат себепли мәжбүрий миграция жағдайына түсиўи мүмкин. Бул жаңа демографиялық басым, социаллық теңсизлик, экономикалық қарама-қарсылық ҳәм итималлы геосиясий кескинликке алып келиўи итималын күшейтеди. Нәтийжеде жер деградациясы, шөллениў ҳәм өсимлик қатламының жоқ болыўы тезлескен. Атап айтқанда, Орайлық Азия мәмлекетлеринде соңғы жыллары топырақ өнимдарлығының төменлеўи, шөлистанлықтың кеңейиўи ҳәм шорланыўдың күшейиўи көзге тасланбақта. Бул процесс азық-аўқат қәўипсизлигине де үлкен қәўип туўдырады, себеби зүрәәт муғдары азайған сайын баҳа артады, халықтың талабын тәмийинлеў қыйынласады.
Климат өзгериўиниң және бир аўыр ақыбети экологиялық миграция болып есапланады. Суў ресурсының азайыўы, өнимдарлы жердиң азайыўы, жағалық аймақларын суў басыўы ҳәм тоғай өртлери адамларды жасаў орнын өзгертиўге мәжбүр етпекте. Айырым халықаралық изертлеўлер 2050-жылға барып дүнья бойлап 200-250 миллионнан аслам адам климат себепли мәжбүрий миграция жағдайына түсиўи мүмкин. Бул жаңа демографиялық басым, социаллық теңсизлик, экономикалық қарама-қарсылық ҳәм итималлы геосиясий кескинликке алып келиўи итималын күшейтеди.
Ҳәзирги шараятта мәмлекетлераралық бирге ислесиў, илимий қатнас ҳәм экологиялық сиясатты муўапықластырыў оғада әҳмийетли. Кейинги жылларда ислеп шығылған “Париж келисими”, “БМШтың турақлы раўажланыў мақсетлери”, “жасыл экономика” басламасы ҳәм углерод балансы бойынша халықаралық стратегия климаттың өзгериўин жылаўлаўға қаратылған. Демек, бул басламалардың табысы ҳәр бир мәмлекеттиң әмелий көзқарасы, миллий нызамшылықтың қатаңлығы ҳәм халықта саналы көзқарас қәлиплесиўине байланыслы.
Қалаберди, экология мәселеси тек ғана мәмлекеттиң мойнында емес – процессте кәрханалар, изертлеў орайлары, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм әсиресе, пуқаралық жәмийети де белсене қатнасыўы керек. Ҳәр бир инсан күнделикли турмыста ушырасатуғын киши экологиялық жағдайда да дурыс қарар қабыл етиў арқалы жағдайды унамлы тәрепке өзгертиўге үлес қосыўы мүмкин: энергияны үнемлеў, шығындыны азайтыў, терек егиў, суўды үнемлеў, транспорт қуралынан саналы пайдаланыў, экологиялық жуўапкершиликке әмел етиў.
Сыртынан әпиўайы болып көринген бул қәдириятлар металлургия кәрханасынан баслап, жеке үй хожалығына шекем, барлық системалар ушын әҳмийетли улыўма мәденият тийкары есапланады.
Заманагөй илим соны көрсетпекте, климат өзгериўиниң алдын алыў ушын ўақыт шекленген. Глобал температура өсиўи 2°С дан асып кетсе, Жерде қайтымсыз процесс басланыўы мүмкин. Сол себепли бүгинги ҳәрекет ертеңги күнниң турақлылығы ҳәм қәўипсизлигин белгилейди.
Тәбият адамзатқа сабақ беретуғын ең уллы устаз – ескертеди, сабақ береди, менсинбегенлерди кеширмеўи де мүмкин.
Солай екен, жәзийрама жазды4 даўам етиўи ямаса керисинше, кескин суўықтыӊ жүзеге келиўи, суўдыӊ азайыўы, ҳаўаныӊ патасланыўы ямаса самалдыӊ күшейиўи – булардың барлығы бизди бир нәрсеге шақырады: тәбиятқа қайта итибар, жуўапкершилик ҳәм ҳүрмет.
Инсан ҳәм тәбият арасындағы тең салмақлықтың бузылған ҳәр қандай жағдай ақыр-аяғында инсанның өзине қайтып келеди. Бүгинги әўлад, әсиресе, жаслар бул ҳақыйқатты терең аңлап, турақлы келешекти тәмийинлеўде жетекши болыўы керек.
Муслим Зиё, ӨзА