Өзбекстан Президенти ЮНЕСКО менен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти

215

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласында БМШтың Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО) Бас директоры Одри Азулени қабыллады.

Өзбекстан менен БМШтың бул абырайлы институты арасындағы көп қырлы шерикликти буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў алдынан Одри Азуле мәмлекетимиз басшысын тарийхый ўақыя – шөлкем Бас конференциясының 43-сессиясы соңғы 40 жылда биринши мәрте ЮНЕСКОның Париж қаласындағы бас резиденциясынан тысқарыда өткерилип атырғаны менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстанның конференцияны жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, сондай-ақ, оны әмелий әҳмийетке ийе илажлар менен байытыў бағдарындағы кең көлемли жумысларына унамлы баҳа берилди.

Атап айтқанда, ЮНЕСКОның Мектепке шекемги билимлендириў бойынша регионаллық орайы иске қосылады, Беруний сыйлығы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими, Самарқанд қаласының 3000 жыллығы мүнәсибети менен арнаўлы илаж, сондай-ақ, музейлер, жасалма интеллект, гендер темалары бойынша форумлар ҳәм басқа да көплеген илажлар өткериледи.

Кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасындағы бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Биргеликте балалар билимлендириўи бойынша пүткил жер жүзилик конференция өткерилди, Парижде Берунийдиң 1050 жыллығы белгиленди, уллы ойшыл ҳүрметине халықаралық сыйлық шөлкемлестирилди.

Өзбекстанның басламасы менен ЮНЕСКОның үш әҳмийетли резолюциясы қабыл етилди. Шөлкемниң арнаўлы дизимлерине Өзбекстанның бир қатар жаңа объектлери ҳәм мәдений қәдириятлары киргизилди.

ЮНЕСКО менен шерикликти буннан былай да кеңейтиў ҳәм тереңлестириў, тийкарғы бағдарларда жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыўға таярлық билдирилди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти илим, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларындағы байланысларды раўажландырыўдағы үлкен хызметлери және халқымыздың бай мәдений мийрасын кеңнен ен жайдырыўға қосқан жеке үлеси ушын Одри Азуле ханымға мәмлекетимиздиң жоқары сыйлығы – “Дўстлик” орденин тапсырды.