Камерунда сайлаў нәтийжелери бойынша тартыс күшейди

Камерун оппозициясы жетекшиси Исса Чирома Бакари жақында мәмлекетте болып өткен президентлик сайлаўда жеңиске ерискенин атап өтип, әмелдеги ҳүкимет нәтийжелерин жалған деп атады. Бул ҳаққында “BBC” басылымы жазып шықты.
Бакаридиң сөзлерине бола, оның командасы барлық сайлаў участкаларынан алынған нәтийжелерди жыйнап, салыстырғанда өзиниң жеңиске ерискенине толық исеним пайда еткен.

76 жастағы Исса Чирома Бакари бурынғы министр болып, 43 жылдан берли ҳәкимиятта болған 92 жастағы президент Пол Бияга қарсы сиясатшы есапланады.
Ҳүкимдар партия ўәкиллери оппозиция жетекшисиниң жеңиске даўагерлигин бийкарлап, оны нызамлы тийкарға ийе емес, деп баҳалады. Атап өтилиўинше, рәсмий нәтийжени тек ғана Конституциялық кеңес жәриялаўы мүмкин.

Елде сайлаў нәтийжелери кешиктирилип жәрияланыўы артынан кескинлик барған сайын күшеймекте.
Д.Ҳакимов, ӨзА