Өзбекстан Республикасы ҳәм Европа Аўқамы арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққында тарийхый келисимге қол қойылды

198

24-октябрь күни Брюссель қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Европа кеңеси Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен қатнасыўында Өзбекстан Республикасы менен Европа Аўқамы арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Ҳүжжет 1996-жылғы Шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге тийкарланған Өзбекстан-Европа бирге ислесиўиниң ҳуқықый базасын жаңалайды ҳәм сезилерли дәрежеде кеңейтеди.

Жаңа келисим жойбары бойынша сөйлесиўлер 2019-жыл февраль айында басланып, 2022-жыл июль айында жуўмақланған. Ҳүжжет 2022-жыл 6-июль күни Брюссель қаласында парафирленген еди.

Келисим 9 бөлим, 356 статья ҳәм 14 қосымшадан ибарат. Ол еки тәреплеме қатнасықлардың дерлик барлық тараўларын қамтып алады ҳәм сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда ҳәм инвестициялар, турақлы раўажланыў, илим ҳәм билимлендириў, инновациялар ҳәм жоқары технологиялар, қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўине айрықша итибар қаратқан ҳалда барлық өз-ара пайдалы бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыў ушын кең көлемли ҳуқықый тийкарды қәлиплестиреди.

Келисимге қол қойылыўы Өзбекстан ҳәм ЕА қатнасықларында жаңа басқышты баслап береди ҳәм көп тәреплемели шерикликти мисли көрилмеген жоқары дәрежеге алып шығады.