Жасалма интеллект технологияларын енгизиў жаңа басқышқа алып шығылады

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 21-октябрь күни мәмлекетлик басқарыў, экономика тармақлары ҳәм аймақларда жасалма интеллект технологияларын жедел енгизиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Жасалма интеллект технологиялары экономикадан баслап, билимлендириў, медицина, аўыл хожалығы ҳәм басқарыў системасына шекем терең кирип бармақта. Жылдың басында 2030-жылға барып, дүнья экономикасында жасалма интеллект көлеми 15 триллион долларға жетиўи прогноз етилген болса, ҳәзирги таллаўлар бул сан 20 триллион доллардан артыўын көрсетпекте.

– Бүгин инсаният жаңа цивилизация басқышына – жасалма интеллект дәўирине исенимли қәдем қоймақта. Қайсы тараў болмасын, бул процессте қатты изленип, анық нәтийже ислесе, бир қәдем алдында жүрсе, шек соныки болады”, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Өзбекстанда да жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша айрықша қарар қабыл етилип, тараўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылды. Қысқа дәўирде мәмлекетлик хызметлер, банк-қаржы, жәмийетлик қәўипсизлик, транспорт сыяқлы бағдарларда 30 дан аслам пилот жойбарлар иске қосылды.

Өткен жылы Жасалма интеллектти 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы тастыйықланды. Санластырыў министрлигинде бул тараў менен ислейтуғын өз алдына орай шөлкемлестирилди.
Нәтийжеде бир жыл ишинде мәмлекетимиз жасалма интеллектке таярлық бойынша халықаралық индексте 17 текше жоқарылады, Орайлық Азияда 1-орынды ийеледи.

Енди министрлер ҳәм тармақ басшыларының санластырыўға жуўапкер орынбасарлары бир ўақыттың өзинде тараўда жасалма интеллектти раўажландырыўға да жуўапкер болатуғыны белгиленди. Қала ҳәм районларда да ҳәкимлердиң санластырыў ҳәм жасалма интеллект бойынша мәсләҳәтшиси лаўазымы киргизиледи. Келеси жылдан министрлик ҳәм аймақларда жасалма интеллектти енгизиў жағдайын баҳалайтуғын рейтинг системасы иске қосылады.

Сырт елли экспертлер Өзбекстанның жасалма интеллект тараўындағы потенциалын 10 миллиард долларға баҳаламақта. Буны имканиятқа айландырыў ҳәм дүньяда жасалма интеллектке талап артып баратырған ҳәзирги дәўирде бәсекиге шыдамлы болыў ушын 3 ең тийкарғы мәселе – инфраструктура, ашық мағлыўматлар ҳәм кадрлар таярлаўға итибарды күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Денсаўлықты сақлаў, энергетика, банк-қаржы, бажыхана-салық, транспорт, таў-кән ҳәм аўыл хожалығы тараўларында жасалма интеллект бойынша 100 жойбар режелестирилген. Оларды әмелге асырыў ушын соған сәйкес қуўатлылықлар, заманагөй супер-компьютерлер керек. Бирақ ҳәзирги бар қуўатлықлар тек ғана киши жойбарларды иске қосыў ушын жетеди.

Сол себепли, заманагөй супер-компьютер кластерлери ҳәм дата-орайларды көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Быйыл 16 супер-компьютер сатып алыў ушын 50 миллион доллар ажыратылды. Келеси жылы бул қаржы 2 есеге арттырылады.
Тараўға инвестицияларды хошаметлеў ушын Қарақалпақстанда жеңиллетилген режим енгизилетуғыны белгиленди. Жасалма интеллект инфраструктурасына 100 миллион доллардан аслам инвестиция киргизген инвесторларға электр энергиясының баҳасы 5 цент етип белгиленеди, IТ-парк жеңилликлери қолланылады, импорт үскенелери бажыхана төлеминен азат етиледи.
Соның менен бирге, алыс аймақларды жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинлеў ушын кейинги жылдан “спутник интернет” операторларының жумысы жолға қойылады. Олар бес жылға жер, мүлк, пайда ҳәм қосымша қун салығынан азат етиледи.

Министрлик ҳәм уйымлардағы мағлыўматлар ҳәр қыйлы серверлерде тарқалып сақланып атырғаны, олардың форматлары ҳәр қыйлы болғаны жасалма интеллектти жедел раўажландырыўға тосқынлық етип атырғаны көрсетип өтилди. Сонлықтан, министрликлер ҳәм уйымлардағы 55, келеси жылы қалған барлық мағлыўматлар базаларын бирден-бир дата-орайға өткериў тапсырылды.
– Жасалма интеллект бағдарламалары нәтийжели ислеўи ушын олар, бәринен бурын, өзбек тилин толық дәрежеде түсиниўи зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Өзбек тилиндеги әдебиятлар, мағлыўматлар, мақалалар, есабатлар, илимий жумысларды санластырыў, жасалма интеллект миллий мәдениятымыз ҳәм қәдириятларымызды өзинде сәўлелендире алыўы ушын “Өзбек тили корпусы”н жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Президент жасалма интеллект тараўында кадрлар таярлаўды бәринен бурын мектеплерден баслаў керек екенлигин атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен кейинги оқыў жылынан “Информатика” пәни оқыў бағдарламаларына жасалма интеллектке байланыслы темалар киргизиледи. Буның ушын Массачусетс технологиялар институты менен биргеликте арнаўлы сабақлық ислеп шығылады.
Жаслардың жасалма интеллекттен пайдаланыўға байланыслы идеяларын анықлаў ҳәм жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Бир миллион жасалма интеллект жетекшиси” жойбары кеңейтиледи, бул бойынша миллий таңлаў өткерилип, ең жоқары нәтийже көрсеткен жаслар, олардың устазлары ҳәм билимлендириў шөлкемлери мүнәсип хошаметленеди.
Мәжилисте жоқары оқыў орынларында жасалма интеллект лабораторияларын шөлкемлестириў илажлары да белгилеп алынды. “Жаңа Өзбекстан” университетинде “тармақ – жоқары оқыў орны – бирге ислесиўши” принципи бойынша ислейтуғын “жасалма интеллект кластери” иске қосылады. Жоқары оқыў орынларында жасалма интеллект, фин-тех, киберқәўипсизлик, IТ-инженерлик, аерокосмослық ҳәм бултлы технологиялар сыяқлы бағдарлар ушын мәмлекетлик грант квоталары 35 процентке арттырылады.
Студентлердиң жасалма интеллектке қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде ҳәр бир аймақта жоқары оқыў орынларының жәмәәтлери арасында жасалма интеллект бойынша улыўма миллий таңлаў өткериледи. Сыйлық қоры 1 миллион доллар болған “Жасалма интеллект тараўындағы ең жақсы стартап” таңлаўы өткериледи.
Улыўма, тараўды раўажландырыў бағдарында жетекши компаниялар, сырт елли экспертлер ҳәм ўатанласларымыз, ири мәмлекетлик кәрханалар, банклер ҳәм жоқары оқыў орынларының ҳәрекетлерин бирлестириў мақсетинде Жасалма интеллект альянсын дүзиў усынысы қоллап-қуўатланды.
ӨзА