Президент: Биз 2030-жылға барып, жасалма интеллект бойынша “ТОП-50” мәмлекет қатарына кириўди мақсет еткенбиз

72

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

– Биз 2030-жылға барып, жасалма интеллект бойынша “ТОП-50” мәмлекет қатарына кириўди мақсет еткенбиз. Соның ушын, алдыңғы сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, “Жасалма интеллект альянсы”н шөлкемлестиремиз, – деп атап өтти Президентимиз.

Бул альянс қурамына тараўда нәтийжели жумыс алып барып атырған жетекши компаниялар, сырт елли экспертлер ҳәм ўатанласларымыз, ири мәмлекетлик кәрханалар, банклер ҳәм жоқары оқыў орынлары киргизиледи.

Альянстың тийкарғы ўазыйпалары жетекши халықаралық илимий-изертлеў орайлары ҳәм акселераторлар менен бирге ислесиўди күшейтиў, өзимиздеги бағдарламалар бойынша медиа-контентти жаратып, халықаралық ПР кампанияларды шөлкемлестириў, жергиликли кәрханалар ҳәм қәнигелердиң халықаралық көргизбе, форум ҳәм конференцияларда қатнасыўын шөлкемлестириўден ибарат болады.

Мәжилисте аймақ ҳәм тармақлардың басшылары есабат берди, тараўдағы стартаплардың тийкарын салыўшылары ҳәм информатика муғаллимлериниң пикирлери тыңланды.

ӨзА