“Мәҳәлле жетилиги” жумыс ўақтының ярымы ҳәр қыйлы мәжилис ҳәм илажларда өтип атырғаны көрсетип өтилди

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәҳәлле системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм орынларда жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Ямаса “жетилик” хызметкерлериниң анық ўазыйпалары ҳәм KPI белгиленгени менен мәҳәлледеги улыўма нәтийжелиликти баҳалайтуғын система жоқ.
Ҳәзирги ўақытта “жетилик” ағзаларының 1 мың 700 и мәҳәлле аймағынан 20-30 километр узақлықтан қатнайды. Ақыбетинде өткен жылы 68 “жетилик” ўәкиллери бириктирилген мәҳәллесине бир неше ай келмеген.
Жуўапкерлерге “жетилик”тиң жумысын комплексли баҳалайтуғын системаны иске қосыў тапсырылды.
Район ҳәкимлери жыл жуўмағы бойынша, жақсы ислеген 10 “жетилик”тиң бәршесин сыйлықлаў, оларға қосымша үстемелер бериўди жолға қояды.
– Сонда “жетилик” аўызбиршиликли ҳәм бир жәмәәт болып ислейди, – деди Президент.
Буннан былай “жетилик” хызметкерлери менен ҳәр бир бағдар бойынша өз алдына мәжилис өткериў қадаған етилетуғыны белгиленди.
ӨзА