Мәҳәллениң тазалығы жуўапкерлер ҳәм усы жерде жасап атырған халықтың “жүзи” болып есапланады

58

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәҳәлле системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм орынларда жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Мәҳәллениң тазалығы усы жерде жасап атырған халық, “мәҳәлле жетилиги,” ҳәкимниң “жүзи”. Соған қарамастан, айырым мәҳәллелер, көшелер, қурылыслар әтирапы, салмалар, қыябанларда тазалық талапларына әмел етилмей атырғаны көрсетип өтилди.

Сол себепли, пүткил республикада тазалық ҳәм азадалық айлығы жәрияланады.

Ҳәр бир район ҳәм қала ҳәкими көшеси, жолы, салма, қыябанын тәртипке келтирип, бәрқулла таза сақлаўы шәрт екенлиги атап өтилди.

Абаданластырыўға жуўапкер ҳәким орынбасарларына бүгин-ақ 24 саат ислейтуғын бригадалар шөлкемлестирип, көше, шаңарақ, көп қабатлы турақ жай, социаллық объектлердиң әтирапын тазалаў тапсырылды.

“Таза аймақ” кәрханаларына қараслы арнаўлы техникалар да оған толық жумсалады.

Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардияға шығынды таслағаны ушын жәрийма қолланыў ўәкиллиги берилгени атап өтилип, оларға орынларға шығып, қала ҳәм район орайларында күнлик қадағалаў орнатыў тапсырылды.

 

ӨзА