Жаңа Өзбекстан келбети кирип баратуғын 33 район ҳәм 330 аўыр мәҳәлле белгилеп алынды

103

Президент мәҳәллелерде инфраструктураны жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Өткен ҳәптеде қол қойылған қарарға муўапық, Жаңа Өзбекстан келбети кирип баратуғын 33 район ҳәм 330 аўыр мәҳәлле белгилеп алынды.

Бул районлардың ҳәр бирине 100 миллиард сумнан, 330 мәҳәллениң ҳәр бирине болса 5 миллиард сумнан қаржы ажыратылады. Жәҳән банки ҳәм Ислам раўажланыў банкинен тартылған 100 миллион доллар да усы мақсетлерге қаратылады.

Буннан тысқары, бул район ҳәм мәҳәллелердеги “драйвер” жойбарлар инфраструктурасы ушын және 2 триллион сум бериледи.

Улыўма етип айтқанда, бул бағдарламаны қаржыландырыў ушын 7 триллион сумнан аслам қаржы қаратылады.

Ўәлаят ҳәкимлериниң өзи де 2 еўден, район ҳәкимлери болса 1 еўден аўыр мәҳәллени белгилеп, оларға 5 миллиард сумнан бағдарлаўы, және 236 мәҳәлле халқының турмысында кескин өзгерис ислеўи шәрт екенлиги көрсетип өтилди.

                                                                                   ӨзА