Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәҳәлле системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм орынларда жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.
Мәҳәлледе “жетилик” системасы енгизилип, кредит, субсидия, компенсация, материаллық жәрдем ажыратыў сыяқлы 100 ден аслам хызметлер мәҳәлле дәрежесине түсирилгени есабынан 7,5 миллион пуқара кәмбағаллықтан шықты, жумыссызлық дәрежеси 2 есеге қысқарды. Сондай-ақ, 3,5 мың мәҳәллениң келбети заманагөй көриниске келди.
Мәҳәлле баслықларының ўәкиллик мүддети 3 жылдан 5 жылға создырылды. Олардың басшылығында “жетилик” вертикал системасы жаратылды, жетерли шараят, ресурс ҳәм ўәкилликлер берилди.
Мәҳәлледеги ҳәр бир имканиятты жойбарға айландырып, жумыс орнын жаратыў ушын мәҳәллелерге банкир ҳәм салықшылар байланыстырылды, инфраструктураға да айрықша қаржы ажыратылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы булардан нәтийжели пайдаланып, нәтийже көрсетип атырған мәҳәллелер көп екенлиги, бирақ айырымлары бирден-бир жәмәәт болып ислесиўди елеге шекем үйренбегенин көрсетип өтти.
– Норин районындағы Шўрариқ мәҳәллесине барғаным ўәлаят ҳәкимлери, республика, ўәлаят, район басшылары, “жетилик”тиң көзин ашып, оларды сапа ҳәм компетенцияны арттырыўға ийтермелеўи керек, – деди Президент.
ӨзА