Ертең Ферғана қаласында Ферғана тынышлық форумының биринши мәжилиси басланады
100

Еки күн даўам ететуғын әнжуманға Орайлық Азия, ҒМДА, Азия, Европа ҳәм Америка мәмлекетлеринен 300 ден аслам қатнасыўшы қатнасады.
Форумның тийкарғы мақсети қарым-қатнас, өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеў және Ферғана ойпатлығын раўажландырыў ушын турақлы платформа жаратыўдан ибарат.
Илаж Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты тәрепинен Прогрессив реформалар орайы, ЕҚБШ, Тынышлық орнатыў хабы ҳәм басқа да абырайлы халықаралық структуралар менен биргеликте, сондай-ақ, БМШ ҳәм ЕА жәрдеминде өткерилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги