UzAuto Motors жаңаланған Damas ҳәм Cobalt ислеп шығарылыўын жәриялады

90

Damas минивениниң Damas Move жолаўшы версиясы ҳәм Damas Max жүк-жолаўшы версиясы бар болады. Жаңа Damas көлеми үлкейеди, жүк көтериў қәбилети ҳәм сыйымлығы артады, сондай-ақ, айдаўшы ҳәм жолаўшылар қолайлығы жақсыланады. Жаңа модель ҳәзирги ўақыттағы Damas версиясы менен бир ўақытта ислеп шығарылады.

Cobalt’тиң жаңаланған версиясында алдын болмаған 12 жаңа опция менен үскенелениўин мәлим етти. Модернизация процесинде автомобильдиң двигатели жаңаланған, ABS системасы жетистирилген, сондай-ақ, двигатель ҳәм оның системаларын басқарыўшы жаңа блок орнатылған.

Cobalt моделин раўажландырыўдың кейинги басқышы болса автомобильдиң сыртқы көринисин (фейслифт) өзгертиў болып, UzAuto Motors қәнигелери бул бағдарда жумысларды баслаған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги