2026-жылдың 15-январынан баслап халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў басланады

105

Министрлер Кабинетиниң быйыл 7-октябрьдеги қарары менен “Өзбекстан Республикасында халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў тәртиби ҳаққында”ғы Реже тастыйықланды.

Бул ҳүжжет Өзбекстан Республикасында халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў тәртибин белгилейди.

Дизимге алыў 2026-жылдың 15-январынан 28-февралына шекем өткериледи ҳәм дизимге алыў басланыўының анық ўақты 2026-жыл 15-январь саат 00:00 етип белгиленеди. Дизимнен өткериўдиң даўамлылығы – 45 күн.

Респондентлердиң шахсқа ҳәм аўыл хожалығы жумысына байланыслы мағлыўматларын жыйнаў процесинде дизимге алыў сәнесинен кейинги өзгерислер есапқа алынбайды.

Соның ишинде, дизимге алыў сораўнамасы формалары ҳәм басқа да дизимге алыў ҳүжжетлери 2026-жылдың 15-январынан соң туўылған балаларға байланыслы толтырылмайды, бирақ дизимге алыў сәнесинен кейин қайтыс болған шахсларға байланыслы толтырылады.

Халықтың саны ҳәм оның қурамын есаплаўда, бир жылдан аслам мүддет мәмлекет аймағында болмаған Өзбекстан Республикасы пуқаралары Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде аккредитация етилген шет мәмлекетлердиң турақлы ўәкилханаларының, халықаралық, ҳүкиметлераралық шөлкемлер ҳәм шет мәмлекетлердиң ҳүкиметлик шөлкемлери ўәкилханаларының хызметкерлери болған шет ел пуқаралары ҳәм олардың шаңарақ ағзалары есапқа алынбайды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларына муўапық дипломатиялық жеңилликлерге ҳәм иммунитетке ийе болған басқа шахслар есапқа алынбайды.

Респондентлер өзиниң (турақлы ямаса ўақтынша) жасаў орны бойынша дизимге алынады. Бунда күнлик түнги дем алыўдың көбирек бөлегин өткеретуғын үй (ҳәўли), квартира, жасаў ушын пайдаланылып атырған басқа турақ жай ямаса турақ жай емес имарат жасаў орны есапланады.

 

ӨзА