Электротехника санаатын раўажландырыў бойынша усыныслар презентациясы

50

Президент Шавкат Мирзиёев 8-октябрь күни электротехника санаатын буннан былай да раўажландырыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў бойынша презентация менен танысты.

Соңғы жыллары мәмлекетимизде бул бағдарда избе-из реформалар әмелге асырылып, заманагөй қуўатлықлар қурылды, өндирис ҳәм экспорт көлемлери артып бармақта. Мәселен, усы жылдың 9 айында тармақта өндирис көлеми 16,3 процентке өсип, 34 триллион сумға жетти. Экспорт 970 миллион долларды қурады.

Соның менен бирге, тараўда еле иске қосылмаған имканиятлар көп. Атап айтқанда, жоқары қосымша қунлы өнимлердиң үлесин арттырыў, мысты терең қайта ислеў ҳәм экспортты диверсификациялаў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта. Ҳәзирги ўақытта мыс өнимлериниң экспортының дерлик 60 проценти жоқары қосымша қунлы товарлардың үлесине туўра келмекте.

Презентацияда елимизде терең қайта ислеўди хошаметлеў, бул бағдарда жергиликли ислеп шығарыўшыларды және де қоллап-қуўатлаўға қаратылған усыныслар көрип шығылды. Соның ишинде, мысты сатып алыўда шегирме усыныў, кредит процентлериниң 5 проценттен жоқары бөлегин мәмлекет тәрепинен қаплаў, салық ҳәм бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер бериў режелестирилген.

Тармақта дәстүрий түрдеги өнимлерди ислеп шығарыў менен бирге жоқары технологиялық түрлерин өзлестириў, соның ишинде, электроника ҳәм ярым өткизгишлер тараўына кирип барыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Жаңа жойбарлар есабынан келеси жылларда елимизде мыс ислеп шығарыў көлеми 250 мың тоннаға, 2030-жылға барып болса 500 мың тоннаға жетиўи күтилмекте. Жуўапкерлер бул шийки зат базасынан пайдаланып, оның тийкарында жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўға қаратылған жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берди. Серверлер, санаат электроникасы, кондиционерлер, қуяш панельлери, қадағалаў-өлшеў ҳәм автомат қураллары, смарт-карталар ислеп шығарыўды жолға қойыў солардың қатарына киреди. Улыўма етип айтқанда, бул бағдарда 2,1 миллиард долларлық 157 жойбар қәлиплестирилген болып, олар арқалы 14,5 мың жаңа жумыс орны жаратылады.

Презентацияда аймақлардағы электротехника технопарклериниң жумысы да көрип шығылды.

Ҳәзирги ўақытта миллий өнимлеримизди халықаралық базарларға шығарыў имканиятлары кеңеймекте. Өзбекстан стандартлар институты Халықаралық электротехника комиссиясы баҳалаў схемасына ағза уйым сыпатында қабыл етилди. Бул елимизде ислеп шығарылған өнимлер сертификатларының 53 мәмлекетте тән алыныўын тәмийинлейди.

Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги европалы бирге ислесиўшилер менен муўапықлықты баҳалаў системасын жолға қоймақта. Бул арқалы Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған өнимлерге Европа Аўқамы талапларына муўапықлықты тастыйықлаўшы “CE” белгиси бериледи. Бул болса Европаға экспорт көлемин кеминде еки есеге арттырыў имканиятын жаратады.

Мәмлекетимиз басшысы режелестирилген илажлар ҳәм жойбарлардың орынланыўын жеделлестириў, экспорттың өсиў пәтлерин сақлап қалып, жаңа базарларға шығыў бойынша анық тапсырмалар берди.

 

ӨзА