Көп қырлы Өзбекстан – Әзербайжан байланыслары жедел раўажланбақта

Әзербайжан экономика министри Микаил Жабборов “Bright Uzbekistan” халықаралық электрон журналына берген интервьюсинде Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги бирге ислесиў, соның ишинде, Өзбекстан менен шериклик темасына да тоқтап өткен:
– Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасындағы дослық қатнасық еки халықтың уқсас тарийхы, дәстүрлери, мәденияты ҳәм қәдириятлары тийкарында қәлиплескен. Бундай терең тамыр жайған байланыслар бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Мәмлекет басшыларының өз-ара сапар етиўлери, жоқары дәрежедеги ушырасыўлар шерикликти жаңа, жоқары басқышқа көтерип, турақлы, өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң избе-из раўажланыўын хошаметлемекте.
Әзербайжан – Өзбекстан бирге ислесиўи көп қырлы болып, ҳәр қыйлы бағдар ҳәм тармақларды қамтып алған. Еллеримиздиң исбилермен топарларының ўәкиллери түрли тараўларда табыслы байланысларды жолға қойған. Мәселен, автомобиль қурылысы тараўында ерисилген жетискенликлер әдеўир салмақлы. 2023-жыл май айында “Өзавтосанаат” ҳәм “Азермаш СП” жабық акционерлик жәмийети тәрепинен Ҳажығабул санаат районында локализацияланған автомобиль ислеп шығарыў заводына тырнақ тасы қойылған. Бул жойбардың улыўма инвестициялық баҳасы 60 миллион доллардан асады.
Улыўма, Әзербайжан Өзбекстан менен экономикалық байланысларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратып, транспорт, санаат кооперациясы, энергетика, тоқымашылық, таў-кән санааты, химия санааты, электротехника сыяқлы әҳмийетли тараўлардағы бирге ислесиўге айрықша қызығыўшылық билдирмекте. Бүгинги күнде усы бағдарларда көплеген биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.
Ең әҳмийетлиси, ҳәзирги бирге ислесиў көлемин және де кеңейтиў ушын ҳәр еки тәрепте кең имканият бар. Мәселен, өзбек компаниялары Агдам ҳәм Араз ойпатлығы санаат парклери, сондай-ақ, Алат еркин экономикалық зонасында жумыс алып барыўы перспективалы. Әзербайжан – Өзбекстан инвестиция қорының жумысы Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги экономикалық байланысларды тереңлестириўде үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәзир жаңа биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, исбилерменлик бирге ислесиўин кеңейтиў илажлары көрилмекте.
Орайлық Азиядан басланып, Әзербайжан арқалы Европаға созылған “жасыл энергия көпири” басламасы, мәмлекетлеримиздиң транспорт ҳәм логистика тараўындағы стратегиялық потенциалынан дәрек береди.
“Орта коридор” имканиятын кеңейтиў тийкарында транзит ҳәм логистика бирге ислесиўин раўажландырыў мүмкин. Баку халықаралық теңиз порты имканиятынан нәтийжели пайдаланыў арқалы бул коридор бойлап биргеликтеги инвестициялық басламаларды алға қойыў, тәжирийбе ҳәм инновация алмасыўды жолға қойыў, санластырыў бағдарындағы бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәр еки тәреп ушын пайдалы.
Муҳаррама Пирматова таярлады. ӨзА