БМШтың минберинен жаңлаған руўхый шақырық

120

Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 80-сессиясында шығып сөйлеген сөзи заман талапларына сай, илимий тийкарланған ҳәм стратегиялық бағдарларды белгилеп берген тарийхый баянат сыпатында тән алынбақта.

Президентимиз тәрепинен алға қойылған идея ҳәм басламалар тек ғана миллий мәплерди емес, ал дүнья жәмийетшилигиниң улыўма раўажланыў жолындағы ҳәрекетлерин қамтып алыўы менен де әҳмийетли болып есапланады.

Сөйлеўде атап өтилгениндей, заманагөй қәўип-қәтерлер турақлы раўажланыў жолындағы тийкарғы тосқынлықлардан бирине айланып бармақта. Бундай жағдайда мәмлекетимиз инсан қәдирин улығлаў, ҳәр бир пуқара ҳәм шаңарақтың абаданлығын тәмийинлеў, илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыў, тынышлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўди тийкарғы мақсет етип белгиленгени менен ажыралып турыпты.

Ислам мәрипаты ҳәм руўхый мийрасты терең үйрениў мәселеси шығып сөйлеўдиң руўхый жақтан ең әҳмийетли ноқатларынан бири болды. Жақында ашылыўы режелестирилген Ислам цивилизациясы орайы, сондай-ақ, уллы ойшылларымыз – Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Имам Мотуридийдиң мийрасын БМШ минберинен турып көрсетиў басламасы, әлбетте, Өзбекстанның жәҳән руўхый турмысында тутқан орны ҳәм жуўапкершилигин және де беккемлейди. Жәҳән сиясий процесслеринде кескин машқалалар, қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлер дәўиринде БМШ Бас Ассамблеясы минберинде шығып сөйлеген сөзиниң мине усы тәрепи ислам цивилизациясының мийрасы, ағартыўшылық ҳәм кеңпейиллик идеяларына сүйенген ҳалда улыўмаинсаныйлық аўызбиршилик ҳәм тынышлыққа ерисиў идеясы менен байытылды.

Бул ўақыя Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын арттырып ғана қоймастан, руўхый мийрасты кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарындағы басламалардың ҳақыйқатлығын да тастыйықлады.

Биз жәмәәтимиз бенен бул басламаларды қоллап-қуўатлаймыз ҳәм оны әмелге асырыў жолында өз илимий-әмелий жумысымызды буннан былай да күшейтиўге бел байлаймыз. Себеби уллы ойшыл алымлардың шығармалары ҳәм илимий мийрасы адамгершилик, тынышлық, әдиллик ҳәм ағартыўшылық идеяларына тийкарланған болып, бүгинги глобал машқалалардың шешимин табыўда әҳмийетли руўхый-ағартыўшылық дерек болып есапланады.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Орайлық Азияны тынышлық ҳәм бирге ислесиў мәканы сыпатында қәлиплестириў, глобал экологиялық машқалалар, соның ишинде, Аралбойы мәселесине халықаралық жәмийетшиликтиң итибарын тартыў, жаслар тәрбиясы ҳәм жасалма интеллект имканиятларынан әдалатлы пайдаланыў сыяқлы бағдарларда билдирилген усыныслар да бәршемиз ушын әҳмийетли қолланба болып хызмет етеди.

Улыўмаластырып айтқанда, Президент Шавкат Мирзиёевтиң БМШ минберинен алға қойған басламалары Жаңа Өзбекстанның ашық, аўызбиршиликли ҳәм ағартыўшы мәмлекет сыпатындағы жаңа келбетин және де айқын көрсетпекте. Бүгин биз бәршемиз – илимпазлар, зыялылар, жәмийетлик белсендилер усы идеялардың әмелде жүзеге шығыўына мүнәсип үлес қосыўымыз зәрүр.

 

Шовосил ЗИЁДОВ,

Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайының директоры.

                       ӨзА