Өзбекстан дүньяда алтын қазып алыў бойынша күшли онлықтан орын алды
115

2024-жылы дүнья бойынша алтын қазып алыў көлеми 3600 тоннаны қурады, бул болса 2023-жылға салыстырғанда 0,5 процентке ғана көп. Өсиў пәти онша жоқары болыўына қарамастан, алтынға болған талап санаат ҳәм қаржы базарлары арасында турақлы дәрежеде жоқары болып қалмақта.
Есабатқа бола, алтын ислеп шығарыўда Қытай дәстүрий түрде биринши орында, оннан кейин Россия ҳәм Австралия жайласқан. Күшли бесликти Канада ҳәм АҚШ толықтырады. Соның менен бирге, Өзбекстан да ең ири он ислеп шығарыўшы мәмлекетлер қатарынан орын алды.
Ҳамроз Баянов,
ӨзА