Ҳиндстанның Ера университети делегациясы Қарақалпақстанда болды

126

Усы жылдың, 9-10-сентябрь күнлери Ера университетиниң басқарыўшы директоры Муҳсин Али Хан басшылығындағы делегация Қарақалпақстан Республикасына келди.

Делегацияны Қарақалпақстан медицина институты ректоры О.Халимов күтип алды ҳәм институтты жақыннан таныстырды. Олар өзлери тәрепинен медицина тараўы бойынша жаратылған инновациялық технологиялар ҳәм заманагөй оқытыў методикасын усынды. Сондай-ақ, институтта жаратылған билимлендириў шараятлары менен де танысты.

Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме меморандумға қол қойылды. Онда тийкарғы  әҳмийетли бағдарлар: академиялық мобилликти жолға қойыў, профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў, илимий изертлеўлерде бирге ислесиўди раўажландырыў, семинар ҳәм конференциялар шөлкемлестириў,  илимий ҳәм халықаралық журналларда мақалалар басып шығарыўға жәрдем бериў бойынша бирге ислесиўге келисип алынды.

Сондай-ақ, билимлендириў процесине 3Д анимациялық методлар тийкарында  оқытыў системасын енгизиў режелестирилмекте. Бул бирге ислесиў тек ғана Қарақалпақстан медицина институтында билимлендириўдиң сапасын арттырыўға емес, ал халықаралық илимий байланысларды беккемлеўге де үлкен үлес қосады.

                                                                     Қарақалпақстан хабар агентлиги