Жаңа санаат зонасында халық пайдалы жумыс пенен бәнт

Президент Шавкат Мирзиёев Жаңа Наманган районында қурылған “Тараққиёт” санаат ҳәм сервис зонасындағы жойбарлар менен танысты.
Мәмлекетимизде исбилерменлерге мүнәсип шараят жаратыў, экономика тармақларын диверсификациялаў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде орынларда технопарк ҳәм киши санаат зоналары шөлкемлестирилмекте. Наманган ўәлаятында бүгинги күнде 1,5 мың гектар майданда 73 санаат зонасы бар.
Буның нәтийжелери Жаңа Наманган районындағы Соҳил мәҳәллесинде де айқын көзге тасланбақта. Бурын исбилермен ҳәм өнерментлер өз үйлеринде шекленген шараятта ислеген болса, енди заманагөй инфраструктураға ийе бир пүтин комплексте жумыс алып бармақта.

“Ғиждуўан тәжирийбеси” тийкарында 10 гектар майданда шөлкемлестирилген бул зонада 113 жойбар жайластырылған. Олардың турақлы ислеўи ушын бюджет есабынан электр энергиясы, ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары, ишки жоллар сыяқлы зәрүр инфраструктура қурылған.

Нәтийжеде жылына 500 миллиард сумлық өним ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў қуўатлылығы пайда болды, 4 мың 800 жаңа жумыс орны жаратылды. Қоңсылас мәҳәллелерден 170 исбилермен тартылғаны, 350 ден аслам шаңарақта кооперация тийкарында өним ислеп шығарыў жолға қойылғаны халықтың экономикалық белсендилигин және де арттырмақта.

Және бир әҳмийетли тәрепи, бул жердеги таяр үскене ҳәм әмелияттан пайдаланып, жумыссыз пуқараларды кәсип-өнерге қайта оқытыў имканияты бар. Бул жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты азайтып, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиўши сервис орайларының жумысын көзден өткерди, усталар менен сәўбетлести.
– Мәмлекетимизде жаңадан-жаңа автомобиль заводлары иске қосылмақта. Адамлардың дәраматы артып, машиналар көбеймекте. Бирақ сервис бойынша еле имканият көп. Мәселен, сырт ел автомобильлерине хызмет көрсетиў жетерли дәрежеде емес. Оны системалы жолға қойыў арқалы халықтың бәнтлигин ҳәм хызмет сапасын тәмийинлеў мүмкин, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сонлықтан, бундай сервис орайларын басқа районларда да шөлкемлестириў, маман усталарды таярлаў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент санаат зонасында ислеп шығарылып атырған мебельлер көргизбеси менен де танысты. Жергиликли санаатты раўажландырып, исбилерменлердиң жумысын кеңейтиўди қоллап-қуўатлаў, жаслардың тәжирийбе арттырып, жумыс табыўына жәрдемлесиў ўазыйпалары қойылды.

Бундай комплекслерде инсанды қәдирлеў бойынша да заманагөй қатнаслар болыўы керек екенлиги атап өтилди. Өрт қәўипсизлиги ҳәм техникалық қәўипсизликти тәмийинлеў, мийнет пенен бирге хызметкерлердиң дем алыўы ушын да қолайлықлар жаратыў әҳмийетли екенлиги айтылды.
Усы жерде Наманган ўәлаятында қала қурылысы ҳәм турақ жай қурылысы бағдарында әмелге асырылып атырған ири жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул жумыслар халық ушын заманагөй жасаў шараятларын тәмийинлеў ҳәм аймақларды комплексли раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
ӨзА