Республика таңлаўында ең көп жеңимпаз болған жоқары оқыў орынларына 1 миллиард сумнан бериледи
93

Өткен жылы инженерлик жоқары оқыў орынларының ўәкиллери менен болған ушырасыўда ойлап табыўшылар арасында таңлаў өткериў басламасы алға қойылған еди.
Күни кеше тоғыз бағдарда өткерилген таңлаў жеңимпазларына электромобиль берилди. Екинши орын ийелери сырт елге стажировкаға жибериледи, үшинши орынды ийелегенлер болса ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.
Енди бундай таңлаўлар жоқары билимлендириўдиң ҳәр бир бағдарында, оқытыўшылар ҳәм студентлер арасында да өткерилетуғыны белгиленди.
Жеңимпазларға 250 миллион сумға шекем ақшалай сыйлық бериледи.
Республикалық таңлаўда ең көп жеңимпаз болған жоқары оқыў орынларына заманагөй лаборатория, илимий әдебиятлар ҳәм басқа да үскенелер ушын 1 миллиард сумнан бериледи.
ӨзА