Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Суўғарылмайтуғын жерлерден пайдаланыўды хошаметлеў ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, ишки ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы ғоза жетистириў көлемин көбейтиў, шет ел инвестицияларын кеңнен тартыў есабынан заманагөй ғоза плантацияларын қурыў және ғоза жетистириў бойынша илимий тийкарланған усылларды ҳәм интенсив технологияларды кеңнен енгизиў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети, «Sag agro» ҳәм «Sam antep gilam» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң:
Ғоза жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер ассоциациясын (кейинги орынларда Ассоциация деп аталады);
Ассоциацияның қурамында жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде Ғоза жетистириў илимий-изертлеў орайын, Ғоза логистика орайын, «Sag agro МТП» ЖШЖ, Жиззақ, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларында аймақлық «Ғозаагро» ЖШЖ шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Төмендегилер ассоциацияның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
жергиликли тәбийғый-ықлым шараятларына бейимлестирилген ғозаның өнимдарлы заманагөй плантацияларын жаратыў, сондай-ақ, ғоза жетистириўдиң илимий тийкарланған усылларын ҳәм ресурсларын үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў бойынша қабыл етилген бағдарламалардың әмелге асырылыўын муўапықластырыў;
республика аймақларында ғоза жетистириўдиң көлемин көбейтиў илажларын көриў, өнимди сатыў базарларын кеңейтиў мақсетинде маркетинг изертлеўлерин алып барыў, экспорт көлемин көбейтиў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
республика аймақларының тәбийғый-ықлым шараятларына сәйкес келиўин инабатқа алған халда, ғозаның өнимдарлы нәллерин лаборатория шараятларында жетистириўди шөлкемлестириў;
ислеп шығылған инновациялық технологияларды ғоза жетистириў процесине енгизиў ушын илимий-изертлеў жумысларын алып барыў;
ғоза нәллерин тәрбиялаўға тартылатуғын агрономларды ғоза плантацияларында агротехникалық илажларды дурыс өткериў бойынша оқытыў ушын арнаўлы таярлаў курсларын шөлкемлестириў;
Ассоциация қурамына киретуғын шөлкемлерге нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў, жеңилликлер менен преференциялар бериў, шет ел инвестицияларын, соның ишинде, халықаралық қаржы институтларының қаржыларын тартыў арқалы мәмлекетлик жәрдемди алыўда ҳәр тәреплеме көмеклесиў.
- Төмендегилер:
«Sag agro» ЖШЖ ҳәм «Sam antep gilam» ЖШЖ, «Ғоза жетистириў илимий-изертлеў орайы» ЖШЖ, «Ғоза логистика орайы» ЖШЖ, «Sag agro МТП» ЖШЖ сондай-ақ, аймақлық «Ғоза агро» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери Ғоза жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер ассоциациясының шөлкемлестириўшилери есапланатуғыны;
«Ғоза жетистириў илимий-изертлеў орайы» ЖШЖ ғозаны жергиликли ықлымға сәйкеслендириў ҳәм районластырыў, өнимдарлы, тез писетуғын, қурғақшылыққа шыдамлы және вируссыз сортлары бойынша илимий-изертлеў жумысларын әмелге асыратуғыны;
«Ғоза логистика орайы» ЖШЖ ғоза өнимлерин қайта ислеў ҳәм сақлаў бойынша хызметлер көрсетиўге, сондай-ақ, экспорт етилетуғын өнимлерди таярлаўға ҳәм бажыхана ҳүжжетлериниң рәсмийлестириўин тәмийинлеўге қәнигелесетуғыны;
«Sag agro МТП» ЖШЖ ғоза жетистириўшилерге агротехникалық илажларды әмелге асырыў бойынша механизация хызметлерин көрсететуғыны;
шөлкемлер Ассоциацияға еркин ағза болыў ҳәм оның қурамынан шығыў ҳуқықына ийе есапланатуғыны;
Ассоциацияның жумысын қаржыландырыў ушын оның қурамына киретуғын шөлкемлердиң ықтиярлы ажыратпалары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылардың есабынан әмелге асырылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилер:
Ғоза жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер ассоциациясының шөлкемлестириўшилик структурасы ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлер арасындағы өз-ара қатнасықлар схемасы 1-ҳәм 1а-қосымшаларға;
басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 20 болған атқарыўшы аппаратының структурасы 2-қосымшаға;
аймақлық «Ғозаагро» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң үлги структуралары 3-қосымшаға муўапық мақуллансын.
- Ассоциацияның баслығы ҳәм оның орынбасарлары шөлкемлестириўшилердиң улыўма мәжилисиниң қарары менен сайланатуғыны ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Ғоза жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер ассоциациясын ҳәм аймақлық «Ғозаагро» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерин шөлкемлестириўге байланыслы шөлкемлестириўшилик илажларды муўапықластырыўға ҳәм оларды әмелге асырыўға көмеклесиў бойынша 4-қосымшаға муўапық қурамда Жумысшы топар (кейинги орынларда Жумысшы топар деп аталады) дүзилсин.
Жумысшы топар (З.Т.Мирзаев) бир ай мүддетте:
Ғоза жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер ассоциациясы ҳәм аймақлық «Ғозаагро» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери белгиленген тәртипте шөлкемлестирилиўин;
Ғоза жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер ассоциациясы Уставының тастыйықланыўын ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин;
Ғоза жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер ассоциациясы атқарыўшы аппараты тастыйықланған структураға ҳәм штатлар кестесине муўапық пуқта таңлаў тийкарында жоқары маманлықтағы қәнигелер менен толықтырылыўын тәмийинлесин.
- Жумысшы топар (З.Т.Мирзаев) Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы минитсрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте үш ай мүддетте 2017-2021-жылларда ғоза жетистириўдиң көлемин буннан былай да көбейтиў бойынша илажлар бағдарламасы жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин, бағдарламада төмендегилер:
биринши басқышта (2017-2019-жыллар) – ғоза нәллерин республикаға алып келиў;
екинши басқышта (2018-2019-жыллар) – ғозаны сабыў ушын сабық өсимликлерди алып келиў;
үшинши басқышта (2020-жыл) – лаборатория шараятында ғозаның тийисли регионның тәбийғый-ықлым шараятларына сәйкес жоқары өнимдарлы сортларын ислеп шығарыў;
төртинши басқышта (2018-2020-жыллар) – ғоза жетистириўди ҳәм оны ишки және сыртқы базарда сатыўды жолға қойыў нәзерде тутылсын.
- Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Әндижан, Қашқадәрья, Жиззақ, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятлары ҳәкимликлери, Ғоза жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер ассоциациясы еки ай мүддетте;
Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети, Топырақтаныў ҳәм агрохимия илимий-изертлеў институты, шет ел қәнигелери менен биргеликте тәбийғый-ықлым шараятлары және топырақтың қурамы бойынша ғоза нәллерин егиў ушын қолайлы, улыўма майданы 10 мың гектарға шекемги жер участкалары таңлап алыныўын;
ғоза плантацияларын қурыў бойынша жойбар баслаўшылары- исбилерменлик субъектлериниң таңлап алыныўын тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Аўыл хожалығы кәрханаларын структуралық қайта дүзиў агентлиги, Өзбекистан Республикасы Сыртқы экономикалық хызмет миллий банки менен биргеликте еки ай мүддетте ғоза плантацияларын қурыў бойынша жойбарларды, соның ишинде, халықаралық қаржы институтларының жеңилликли кредитлерин тартыў есабынан, басқышпа-басқыш қаржыландырыў дәреклерин анықласын ҳәм 50 миллион АҚШ долларына шекем болған муғдарда кредит қаржылары ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Ғоза плантацияларын қурыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде Ассоциация қурамына киретуғын шөлкемлер тәрепинен шеттен алып келинетуғын Өзбекистан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын тамшылатып суўғарыў үскенелери, арнаўлы аўыл хожалығы техникалары, ғоза нәллери, сабық, сабылған өсимликлер, аналық материаллары белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим тийкарында, бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымлары буған кирмейди) 2020-жылдың 1-январына шекемги мүддетке азат етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Ассоциацияның талапларына тийкарланып ғоза плантацияларын қурыў жойбарларын әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын шет ел қәнигелерине консуллық жыйымлары ҳәм басқа да жыйымлар өндирилместен кириў визалары рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ассоциацияның талапларына тийкарланып ғоза плантацияларын қурыў жойбарларын әмелге асырыў шеңберинде тартылып атырған шет ел қәнигелерине бажы өндирилместен көп мәртелик визалар берилиўин ҳәм олардың мүддети созылыўын, сондай-ақ, олардың ўақтынша жасаў мәнзиллеринде ўақтынша дизимге алыныўын және ўақтынша дизимге алыў мүддетти созылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Ассоциацияның талаплары бойынша ғоза плантацияларын қурыў жойбарларын әмелге асырыў ушын жоқары маманлықтағы шет ел (Арасында Өзбекистан Республикасы пуқаралары болмаған) қәнигелерин республикаға тартыўға руқсатнамалар берилиўин (мүддети созылыўын) ҳәм көрсетип өтилген шет ел пуқараларына Өзбекистан Республикасы аймағында мийнет етиў ҳуқықына келисим берилиўин (мүддети созылыўын) тәмийинлесин.
- Ғоза жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер ассоциациясы Самарқанд ўәлаяты, Самарқанд қаласы, Катта Ўзбек тракти көшеси, 14-жайға жайластырылсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 1-июнь