Өзбекстан Президенти Пекиндеги салтанатлы әскерий парадта қатнасты

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Пекин қаласына рәсмий сапары шеңберинде 3-сентябрь күни Тяньаньмэн майданында Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған салтанатлы әскерий парадта қатнасты.


Илажға жигирмадан аслам мәмлекет басшылары ҳәм ўәкиллери, соның ишинде, Россия, Беларусь, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Монголия, Тәжикстан, Түркменстан, Иран, Ветьнам, Египет ҳәм басқа да мәмлекетлердиң жетекшилери қатнасты.


ҚХР Баслығы Си Цзиньпин өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгинги шараятта тарийхый естеликти қәстерлеп сақлаў, тынышлықты сақлаў ҳәм әдилликти тәмийинлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Парадқа Қытай халық азатлық армиясының 45 бөлими қатнасты. Қытай қорғаныў санааты тәрепинен ислеп шығарылған ракета системалары, танклер, авиация техникасы ҳәм ушыўшысыз ушыў аппаратларының ең соңғы үлгилери көрсетилди.


Бундай парадлар 1949-жылдан берли Пекинде өткерилип келинбекте, қураллы күшлердиң соңғы үлкен көргизбеси болса 2019-жыл 1-октябрьде болып өткен ҳәм онда 15 мыңға шамалас қатнасыўшы қатнасқан.


Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пекин қаласындағы салтанатлы илажларда қатнасыўы мәмлекетимиздиң халықлар арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеў, тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық жолында регионаллық ҳәм глобаллық дәрежеде конструктивлик сөйлесиўди раўажландырыўға қаратылған избе-из сыртқы сиясатының гезектеги тастыйығы болды.
ӨзА