Өзбекстан Президенти Қытайдың “China National Building Materials” компаниясы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў жойбарларын додалады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытайға рәсмий сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Пекин қаласында “China National Building Materials” (CNBM) компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Чжоу Юйсянды қабыллады.
Қытайдың CNBM компаниясы қурылыс материалларын ислеп шығарыў, қайта тикленетуғын энергетиканы раўажландырыў, инженерлик-техникалық шешимлерди усыныў бойынша ең ири конгломератлардан бири сыпатында дүньяның ТОП-500 компанияларының қатарына киреди.
Ушырасыўда компания тәрепинен насос станцияларын модернизациялаў, самал ҳәм қуяш электр станциялары, энергияны сақлаў системаларын қурыў, альтернатив энергетика объектлери ушын комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыўды локализациялаў сыяқлы перспективалы жойбарларды әмелге асырыў режелери көрип шығылды. Қытай компаниясының елимиз санаат кәрханаларының энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша бағдарламаға қатнасыўға айрықша итибар қаратылды.
Ерисилген келисимлерди жеделлестириў ҳәм әмелге асырыў ушын айрықша «жол картасы»н қабыл етиў тапсырылды.
ӨзА