Елликқалада жаңа жумыс орынларын жаратыў жумыслары үйренилди

120

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районында халықтың турмыс шараятын жақсылаў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

Сапар даўамында райондағы бир қатар исбилерменлик субеъктлериниң жумысы көзден өткерилди. Соның ишинде, «SALIM KURAMBOY» фермер хожалығында балықшылық жойбары ҳәм «UMIDBEK ODILBEK» ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилген лимон жетистириў ыссыханасының жумысы үйренилди. Жоқарғы Кеңес Баслығы жерден нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы тараўында нәтийжели жойбарларды және де ғалаба ен жайдырыў зәрүрлигин атап өтти.

Сондай-ақ, «Елликқала» аўылындағы «SHOX MEGA STROY BIZNES» ЖШЖның бетон өнимлерин ислеп шығарыў жойбары, «Амиробод» аўылындағы «ULLI MIRSAID OTA FIRMASI»ның қурғақ бетон араласпаларын ислеп шығарыў жумыслары ҳәм «AMIROBOD JEYRON» инновациялық пахта-ғәлле кластериниң жумысы көрип шығылды. Бул кәрханалардың имканиятларын және де кеңейтиў ушын жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Соның менен бирге, «INNOGRAPX» ЖШЖ тәрепинен жолға қойылған IТ хызметлериниң экспорты, жеке меншик кадастр ҳәм оқыў курсларының жумысы менен де танысты. Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлердиң бундай басламаларын үлги сыпатында баҳалап, буннан былай да бундай инновациялық жойбарларды көбейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Үйрениўлер даўамында 60-санлы шаңарақлық поликлиникада әмелге асырылған санластырыў жумыслары да көрип шығылды. Бул басламалар медициналық хызметтиң нәтийжелилигин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Сапар соңында Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы көше бийлери ҳәм нураныйлар менен ушырасып, машқалаларды тыңлады ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеп алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги