Барлық категориядағы исбилерменлерге мийманхана қурыў ушын кредитлер ажыратылады

116

«Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен V ашықтан ашық сөйлесиўинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, 2026-жылдан  төмендегилерди нәзерде тутатуғын Туризмди  раўажландырыў бағдарламасы енгизиледи, соның ишинде:

– 2026-2028-жылларда коммерциялық банклер тәрепинен барлық  категориядағы исбилерменлерге мийманхана қурыў ушын 7 жыл мүддетке  шекемги төмендеги  муғдарларда кредитлер ажыратылады:

– ўәлаят орайлары, Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, туризмге қәнигелескен район (қала)ларда қурылып атырған мийманханалар ушын – 3- млрд сумға шекем;

– басқа аймақларда – 10 млрд сумға шекем;

– ҳәр жылы  туристлердиң ең көп  итибарын тартқан ҳәм абырайлы халықаралық платформаларда унамлы тән алынған жайластырыў қуралларын анықлаў ҳәм сыйлықлаў бойынша  сыйлық қоры 1 млн АҚШ долларына тең таңлаў өткериў.

2026-жылдан  мәмлекетлик көшпели мүлкти ижараға бериў мүддети 3 жылдан  5 жылға шекем арттырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги