Бүгинги күнде Өзбекстанда 600 ден аслам стартаплар жумыс алып бармақта

169

Бул ҳаққында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде атап өтилди.

Сегиз жыл бурын олардың саны бармақ пенен саналатуғын еди.

– Итибар бериң, жети айдың өзинде стартапларға рекорд муғдарда – 264 миллион доллар сырт ел инвестициясы келди. Бул 2024-жыл даўамында кирген инвестициялардан 4 есеге көп. Соның ушын стартапларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды және де жеделлестиремиз, – деди Президент.

Жаслардың 1 мың стартап идеясы коммерцияластырылады ҳәм соннан 200 и халықаралық базарға алып шығылады.

Ең алдынғы технологиялар алып келинип, 100 жергиликли стартап халықаралық көлемде тартымлы бизнеске айландырылады. Оған 100 миллион доллар бериледи.

Усы жылдан баслап, “Жас исбилерменлер” чемпионаты өткериледи. Ең жақсы 100 идея таңлап алынып, ҳәр бир стартап ушын 1 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи.

Бул жойбарларды брендке айландырыў ушын қаржы ҳәм маркетинг хызметлери бойынша экспертлердиң қәрежетлери қаплап бериледи.

– Жеңимпазларды 20-август – Исбилерменлер күнинде сыйлықласақ, жас исбилерменлерге бул да үлкен мотивация болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА