Туризмди раўажландырыў бойынша жаңа бағдарлама басланады
161

Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Мәмлекетимиз басшысы исбилерменликтиң басқа бағдарлары бойынша да пүткиллей жаңа басламаларды алға қойды. Олардың барлығы бүгиннен-ақ күшке киреди.
Соның ишинде, қысқа мүддетте ҳәм тез дәрамат беретуғын жумыс орынларын жаратыўда ең нәтийжели бағдарлардан бири болған хызметлер тараўы жедел раўажландырылады.
Жыл басынан елимизге 7 миллионға шамалас сырт ел туристи келди, 15 миллион халық мәмлекет бойлап ишки саяхатқа шықты. Келеси 3-4 жылда сырт елли туристлердиң жыллық ағымы кеминде 15 миллионға жетеди.
Соның ушын туризмди раўажландырыў бойынша жаңа бағдарлама басланады.
ӨзА