Исбилерменлер ушын барлық мобиль төлем қосымшалары арқалы есап-санақ етиў имканиятын беретуғын универсал QR-код бериледи

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Мәмлекетимизде 40 тан аслам электрон төлем шөлкемлери болып, халқымыз өзине қолайлы мобиль қосымшадан пайдаланбақта.
Енди 1-ноябрьден баслап исбилерменлер ушын барлық мобиль төлем қосымшалары арқалы есап-санақ етиў имканиятын беретуғын универсал QR-код бериледи.
Жыллық айланысы 1 миллиард сумға шекем болған барлық исбилерменлер келеси жылы 1-январьдан бирдей, яғный айланыстан 1 процент салық төлеўге өткериледи.
Мәселен, ҳәзир айланысы 100 миллион сумға шекемги жеке исбилермен жыллық 12 миллион сумға шекем қатаң салық орнына көби менен 1 миллион сум төлейди. Ямаса айланысы 100 миллионнан 1 миллиард сумға шекемги болған исбилермен айланысынан бурын 30-40 миллион сум салық төлеген болса, енди оның салық жүги 3-4 есеге азаяды.
– Улыўмаластырып айтқанда, жаратылып атырған шараятлар арқалы жеке исбилерменлердиң есабында жылына 1 триллион сум, көз алдыңызға келтириң, 1 триллион сум қалып атыр. Бул – киши бизнес ушын қосымша ресурс, жеке исбилерменлер өз бизнесин кейинги басқышқа алып шығыўы ушын және бир имканият, – деди Президент.
ӨзА