Уллы жеӊиске бағышланған китап

Спорт – бул шыдамлылық, исеним, дослық, келешекке қарай исенимли умтылыў дегени. Кейинги жыллары мәмлекетимизде спортты раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Өз гезегинде, өзбекстанлы спортшылар халықаралық жарысларда ерисип атырған жеңислер ўатанласларымыздың қәлбин шексиз мақтанышқа толтырмақта.
Футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы Азияның ең күшли командалары қатнасқан сайлап алыў ойынларында ҳақыйқый мәртлик үлгисин көрсетип, шын мәнисинде үлкен жеңиске ерискени – Ўатанымыз тарийхында биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизгени спортымыз тарийхында жаңа бет ашты.
Бул уллы жеңис мүнәсибети менен мәмлекетимиз басшысының Өзбекстан миллий сайланды командасы ағзаларына жоллаған қутлықлаўында ўәкиллеримиздиң мәртлиги ҳәм ерлигине жоқары баҳа берилип, футболшыларымыз қолға киргизген үлкен нәтийжениң мәниси ҳәм әҳмийети терең ашып берилди.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының қәўендерлигинде “Адабиёт” баспасында басып шығарылған “Бу ғалаба – муаззам!” атамасындағы китапта да спортшыларымыздың әне, усы тарийхый жеңисиниң әҳмийети кеңнен сәўлелендирилген.
Китап Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы ағзаларына қутлықлаўы менен басланады. Қутлықлаўда атап өтилгениндей, әлбетте, миллий спортымыз жылнамасына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын бундай жарқын нәтийже елимиздеги миллионлаған футбол ықласбентлери, пүткил халқымыздың неше жыллық әрманы еди. Футболшыларымыз профессионал билим ҳәм маманлығы, тәжирийбеси ҳәм шеберлиги, ең әҳмийетлиси, жоқары ерк-ықрары ҳәм жеңиске болған исеними менен әне, усындай әрманды реал ўақыяға айландырғаны ҳәр қандай мақтаўға ылайық.
Усы китаптан орын алған “Халқымызды және де бирлестирген тарийхый жетискенлик” деп аталған мақалада болса усы жылдың 10-июнь күни пайтахтымыздағы “Бунёдкор” стадионында өткерилген жәҳән чемпионаты сайлап алыў басқышының соңғы ушырасыўы кең ҳәм толық сәўлелендирилген. Үлкен футбол байрамы сыпатында өткерилген бул беллесиўди миллионлаған өзбекстанлылар толқынланып тамашалады. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң футболшыларымызды қоллап-қуўатлаў ушын стадионға келиўи мәмлекетимизде миллионлар ойынының раўажланыўына қаратылып атырған үлкен итибардың және бир әмелий үлгиси болды.
Китаптың “Бул сениң де жеңисиң, әй Орайлық Азия!” деп аталған бөлиминде устаз дөретиўшилер, Өзбекстан халық шайырлары Сирожиддин Саййид, Маҳмуд Тоир, Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналистлер Ўткир Раҳмат, Минҳожиддин Мирзо, Қўчқор Норқобил, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкерлери Зулфия Мўминова, Рустам Мусурман ҳәм басқа да көплеген шайырлардың үлкен жеңиске бағышланған қосықлары менен танысыў мүмкин.
“Жеңис үстине жеңис, жетискенлик артынан жетискенлик!” атамасындағы бөлимде болса Самарқанд мәмлекетлик университети ректоры, Өзбекстан Республикасы илим ғайраткери, сенатор Рустам Холмуродов, Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары Фарида Афроз, Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналистлер Аҳрор Аҳмедов, Салим Дониёров, шебер журналист Анвар Самадов ҳәм басқа да жазыўшылар менен бирге, Өзбекстан футбол ассоциациясы президентиниң биринши орынбасары Равшан Эрматов, Өзбекстанда хызмет көрсеткен спортшы Миржалол Қосимов, футбол шолыўшысы, “Дўстлик” ордениниң ийеси Мирзаҳаким Тўхтамирзаев, футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының бас тренери, “Ўзбекистон ифтихори” ҳүрметли атағының ийеси Тимур Кападзе, футбол шолыўшысы, “Шуҳрат” медалының ийеси Хайрулла Ҳамидов ҳәм басқа да спорт жанкүйерлериниң жеңис мүнәсибети менен билдирген жақсы тилеклери келтирилген.
“Халықаралық тән алыўлар” бөлиминде Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, ФИФА Президенти Жанни Инфантиноның футболдағы бул жеңисимиз мүнәсибети менен Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа жоллаған қутлықлаўлары, сырт еллердиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлери, белгили спортшы ҳәм тренерлер, ҳәр қыйлы тараўлардың ўәкиллериниң қутлықлаўлары ҳәм мүнәсибетлери, халықаралық басылымларда жәрияланған аналитикалық мақала ҳәм репортажлардан үлгилер келтирилген.
Мәмлекетимиздиң белгили спортшылары ҳәм тренерлери, тараў пидайылары ҳаққындағы мағлыўматлар “Өзбекстан мақтанышлары” бөлиминде китапқумарлар итибарына усынылған.
Назокат Усмонова,
ӨзАныӊ хабаршысы