Россия ҳәм КХДР жетекшилери телефон арқалы сөйлести

Россия Президенти Владимир Путин Корея Халық Демократиялық Республикасы басшысы Ким Чен Ин менен телефон арқалы сөйлести.
РФ Президенти баспасөз хызметиниң хабарына бола, тәреплер 2024-жыл 19-июнь күни Пхеньянда қол қойылған Россия ҳәм КХДР арасында кең көлемли стратегиялық бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнама шеңберинде дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм барлық бағдарларда бирге ислесиў қатнасығын және де раўажландырыўға садық екенлигин тастыйықлаған.
Россия басшысы, соның ишинде, кәсиплесине АҚШ Президенти Дональд Трамп пенен болатуғын сөйлесиў алдынан тийисли мағлыўмат берген.
ӨзА