Социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары даўам етпекте

291

Ҳәзирги күнде елимизде халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған кең көлемли ҳәм избе-из жумыслар алып барылмақта.

Президентимиздиң 2024-жыл 25-ноябрьдеги ПҚ-405-санлы қарары “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыўда нураныйларды жедел тартыў илажлары ҳаққында”ғы және Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги 892-санлы қарарының орынланыўы шеңберинде жергиликли дәрежедеги әмелий жумыслар үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Елликқала районы ҳәкими В.Ниязимбетовтың басшылығында, районлық “Нураний” қорының баслығы И.Ходжаниязов ҳәм жуўапкер хызметкерлердиң қатнасыўында райондағы белсенди нураныйларға бириктирилген кәмбағал шаңарақтың социаллық қорғаўға мүтәж перзентлерине мектеп ушын зәрүр болған стол ҳәм стуллар топламлары тапсырылды, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.


Бундай әмелий жәрдемлер арқалы жаслардың билим алыў шараятлары жақсыланбақта, социаллық қоллап-қуўатлаў системасы және де нәтийжели жумыс алып бармақта. Бул илажлар мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған кең көлемли бағдарламалардың әмелий үлгиси болып хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги